Өзбекстан Республикасы Үй-жай кодексиниң 32-статьясына муӯапық, үй, квартираның ийелери шаңарақ ағзалары, сондай-ақ, оның менен мудамы жасап киятырған пуқаралар, егер оларды көширип келген ӯақтында жазба рәӯиште басқа жағдай белгиленбесе, үйдеги, квартирадағы бөлмелерден мүлк ийеси менен тең пайдаланыӯға ҳақылы.
Олар мүлк ийеси берген турақ-жайға өзлериниң ержетпеген перзентлерин көширип киргизиӯге ҳуқықлы болып есапланады, шаңарақтың басқа ағзаларын болса, үй, квартира мүлк ийесиниң разылығы менен ғана көширип киргизиӯи мүмкин. Бу шахслар үй, квартираның, мүлк ийеси менен шаңарақлық қатнасықларды тамамлаған жағдайда да олар да турақ-жайдан пайдаланыӯ ҳуқықы сақланып қалады.
Үй, квартираның ийеси менен оның бурынғы шаңарақ ағзалары, сондай-ақ, оның менен турақлы жасап атырған пуқаралар ортасында турақ-жайдан пайдаланыӯ тәртиби тәреплер келисими менен белгиленеди.
Турақ-жай мүлк ийесиниң ағзалары деп оның менен турақлы бирге жасап атырған ҳаялы (күйеӯи) ҳәм олардың перзентлери тән алынады. Ерли-зайыплының ата-анасы, сондай-ақ, мүлк ийеси менен мудамы жасап атырған шаңарақлық перзентлери, егер илгери бул ҳуқыққа ийе болмаған болса, тек өз ара келисимге көре мүлк ийесиниң шаңарақ ағзасы деп тән алыӯлары мүмкин. Демек, нызам талабынан келип шығып, мүлк ийесиниң шаңарақ ағзалары (сондай-ақ, бурынғы шаңарақ ағзалары) олар дәслеп үй-жайға көширип киргизилип атырылғанында басқаша мазмунда жазба келисимге ериспеген болса, бар үй-жайдан пайдаланыӯ (жасаӯ) ҳуқықын сақлап қалады. Бул болса, судлар тәрепинен усы мазмундағы даӯа талапларының қанаатландырылыӯын нәзерде тутады. Сондай-ақ, үйден пайдаланыӯ ҳуқықын жоғалтқан деп табыӯ ҳаққындағы даӯа талаплары бойынша төмендеги ҳуқықый тийкарларды келтириӯ мүмкин.
Пуқаралық кодексиниң 5-статьясына көре, усы Кодекстиң, 2-статьясының биринши, төртинши ҳәм бесинши бөлимлеринде нәзерде тутылған қатнасықлар нызам ҳүжжетлери ямаса тәреплердиң келисими менен тиккелей тәртипке салынбаған жағдайларда пуқаралық нызам ҳүжжетлериниң уқсас қатнасықларын тәртипке салыӯшы нормасы қолланылады (нызам уқсаслығы).
Өзбекистан Республикасы Жоқары суды Пленумының 2001-жыл 14-сентябрь күниндеги “Үй-жай даӯлары бойынша суд пратктикасы ҳаққында”ғы 22-санлы қарарының 18-бәнтине көре, Өзбекстан Республикасы Үй-жай кодексиниң 52-статьясына муӯапық, муниципиал, кеңселик үй-жай фонды ҳәм анық мақсетли коммунал үй-жай фондының үйлериндеги турақ-жайды ижараға алыӯшы, оның шаңарақ ағзалары яки ижарага алыӯшы менен мудамы жасап атырған пуқаралар ӯақтынша болмағанында (егер, турақ-жай бойынша узақ мүддет сақланыӯы көрсетилмеген болса) турақ-жай алты ай мүддет даӯамында оның есабында сақланады.
Шахстың белгиленген мүддетинен артық дәӯир ишинде үйде болмаӯы ақыбетинде турақ-жайдан пайдаланыӯ ҳуқықы мәптар шахслардың даӯасы бойынша суд жолы менен жоғалтқан деп табылыӯы мүмкин.
Пуқаралық кодексиниң 172-статьясына тийкар, мүлк ийесиниң өз ҳуқықларын әмелге асырыӯы басқа шахслардың ҳуқықларын ҳәм нызам менен қорғалатуғын мәплерин бузбаӯы шәрт.
Пуқаралық ислери бойынша Беруний
районлараралық судының судьясы Н.Таиров,
Қарақалпақстан хабар агентлиги