Нөкис қаласындағы “Дослық үйи”нде “Пуқаралық басламаларды қоллап-қуўатлаў” орайы Қарақалпақстан аймақлық бөлими тәрепинен “Өмирден ҳасла үмитиңди үзбе” атамасында дөгерек сәўбети  шөлкемлестирилди.

Орай Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы мәмлекетлик емес коммерциалық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды тәрепинен қаржыландырылған “Жәнжелли жағдайлар, шаңарақлық-турмыслық басым ҳәм зорлық ислетиў жағдайлары ҳәм өз жанына қаслық етиўге мейиллиги бар инсанлардың минез-қулқын ерте анықлаў ҳам алдын алыўда мәмлекетлик шөлкемлер менен өз-ара бирге ислесиўди жолға қойыў” бағдарындағы  “Өмирден ҳасла үмитиңди үзбе” атамасындағы жойбары менен қатнасып,  жеңимпаз болған еди.

Илажда Пуқаралық басламаларды қоллап-қуўатлаў орайы Қарақалпақстан аймақлық бөлиминиң директоры, жойбар басшысы Гүлсара Жоллыбекова жойбардың мақсети ҳәм ўазыйпалары, усы тийкарында әмелге асырылған жумыслар бойынша толық мағлыўматлар берип өтти.

Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде ҳаял-қызларды басым ҳәм зорлықтан, олардың ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў бойынша миллий нызамшылық базасы ислеп шығылған болып, бир нешше ҳуқықый-норматив ҳүжжет қабыл етилген. Әсиресе, 2019-жылы 2-сентябрьде қабыл етилген “Ҳаял-қызларды басым ҳам зорлықтан қорғаў ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы нызамын тийкарғы ҳужжетлердиң бири сыпатында атап өтсек болады. Бирақ, соған қарамастан бүгинги күнде унамсыз жағдайлар, яғный шаңарақлық зорлық ислетиў ҳәм өз жанына қаслық етиў жағдайлары ҳәўиж алып бармақта.

2020-жылы Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси тәрепинен өткерилген изертлеўлерде ҳәр жылы мәмлекетимизде 600 ге жақын суицид жағдайы дизимге алыныўы көрсетилген. Бул рәсмий мағлыўматлар болыўына қарамастан, ҳақыйқый көрсеткишлер буннан да жоқары болыўы мүмкин. Себеби айырым жағдайларда өз жанына қаслық етиў жағдайлары итибардан шетте калып, дизимге алынбайды.

Жойбардың тийкарғы ўазыйпалары Қарақалпақстан Республикасы қала ҳәм районларында шаңарақлық поликлиника улыўма әмелият шыпакерлери, пуқаралар жыйынлары ҳаял-қызлар менен ислеўши белсендилери менен бирге ислесиў, Ишки ислер хызметкерлери, МПЖ, билимлендириў шөлкемлери ҳәм мектеп психологлары, сондай-ақ класс басшылары менен өз жанына қаслық етиўге мейиллиги бар (кем тәмийинленген, тыныш емес шаңарақлар ҳәм жалғыз баслы) шахсларды исеним телефонына байланыстырыў, алдын өз жанына қаслық еткен шахслар, мектеп оқыўшыларының ата-аналары ҳәм суицидке мейиллиги болған шахслар менен ИИБ хызметкерлер ҳәм психологлар  биргеликте жумыслар алып барылыўы күтилмекте. Соның менен бирге саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, руўхый саламатлық бойынша дөгерек сәўбетлерин шөлкемлестириў, мәмлекетлик шөлкемлер менен бирге ислесиў нәтийжесинде өз жанына қаслық етиў жағдайлары кеминде 30-40 процент кемейиўи күтилмекте.

Илаж қатнасыўшылары жойбар бойынша өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги