Ташкент қаласында Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясы тәрепинен Халықаралық мийнет шөлкеми (ХМШ) менен биргеликте «Жаңа жәмийетлик шәртнама: Европа ҳәм Орайлық Азия кәсиплик аўқамлары көз қарасында» темасында халықаралық конференция шөлкемлестирилди.

Әнжуманда жетекши экспертлер, кәсиплик аўқамлары шөлкемлери, мәмлекетлик структуралар ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты. Олар социаллық-экономикалық сиясат, мүнәсип мийнет ҳәм социаллық шериклик пенен байланыслы әҳмийетли мәселелерды додалады.

Конференцияның жумысын да Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығы Танзила Нарбаева да қатнасты.

Т.Нарбаева өзиниң шығып сөйлеген сөзинде заманагөй стандартларға жуўап беретуғын жәмийетлик шәртнаманы ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў мәмлекетлердиң социаллық-экономикалық сиясатының нәтийжелилигин арттырыўға ҳәм мүнәсип мийнет прнципин әмелге асырыўға унамлы тәсир көрсететуғынын атап өтти.

Жәмийетлик шәртнамаларды әмелге асырыў ушын жуўапкер болған институтларда алып барылып атырған реформалардың әҳмийетине айрықша итибар қаратылды. Мүнәсип мийнет ҳәм социаллық әдиллик адамлардың жасаў ҳәм мийнет шараятларын жақсылаўға қаратылған барлық шәртнамалардың ажыралмас принципине айланыўы керек екени атап өтилди.

Конференция даўамында жәмийетлик шәртнамалар шеңберинде социаллық, экономикалық ҳәм глобал экологиялық машқалаларды есапқа алыў зәрүрлиги атап өтилди.

Қатнасыўшылар бул мәселелер жумыс бериўшилер, ҳүкиметлер ҳәм парламентлер күн тәртибинде тийкарғы орын ийелейтуғыны, мийнет ҳуқықлары ҳәм социаллық жуўапкершилик тараўында келешектеги бирге ислесиў ушын тийкар болыўы керек, деген жуўмаққа келди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги