Үлкемизге гүз-қыс мәўсиминиң кирип келиўи менен халықты турақлы энергия ресурслары менен тәмийинлеў республикамыз көлеминдеги әҳмийетли мәселе болып табылады.

Бунда пайдаланылғап электр энергиясы ушын төлемлерди өз ўақтында төлеп барыў айрықша әҳмийетге ийе. Соған қарамастан айырым тутыныўшылар пайдаланылған электр энергиясы ушын төлемлерди өз ўақтында төлемегенлиги себепли олардың қарыздарлығы суд қарары тийкарында мәжбүрий тәртипте өндирилмекте.

Мәселен Беруний районлар аралық экономикалық судының  усы  жыл 19 апрельдеги қарары тийкарында қарыздарлықты төлемеген “Қарақалпақ суў тәмийнаты” акционерлик жәмийетинен “Аймақлық электр тармақлары” акционерлик жәмийетиниң  пайдасына 4 миллиард 893 миллион 634 мың 266 сум өндириў белгиленген. Судтың қарары тийкарында шығарылған орынлаў хаты бойынша Мәжбүрий орынлаў бюросы Тахтакөпир районы бөлими тәрепинен орынлаў ҳәрекети алып барылды. Атап айтқанда, қарыздар жәмийеттиң банктеги есап бетине электрон инкассо қойылып, балансындағы 20 та автомашинаға шеклеў орнатылды. Нәтийжеде 4,9 миллиард сумлық коммуналлық қарыздарлық толығы менен өндирилип, суд қарарының орынланыўы тәмийинленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги