Бирлескен Араб Әмирликлери мәлимлеме агентлиги – WAMның жазыўынша, БМШ Климат өзгериўи шеңберли конверциясы тәреплери конференциясы 29-сессиясы (СОР29) нда СОР28 президенти Султон Аҳмад Ал-Жобир ҳәзир дүнья аўыр келиспеўшиликлер дәўирин бастан өткерип атырғанына итибар қаратты.

– БАӘ бәрқулла бөлиниўди емес, шериклик ҳәм қарым-қатнасты таңлайды, – деди ол. – Мысалы, қайта тикленетуғын энергия тараўында 500 гигаватт қуўатлық жаратты. 55 компания быйыл шығындысыз нефть ҳәм газ қазып шығарыўға өтиў нийетинде. Социаллық тараўда, әсиресе, климат өзгериўине қарсы гүресиўде тек ғана биргеликте табысқа ерисиў мүмкин. Буның ушын қағазда емес, машқаланың орнында шешим табыўына әҳмийет бериў керек. Ҳәр қандай мәселени шешиў биринши гезекте қаржыға тақалады. Соның ушын барлық мәмлекетлик ҳәм жеке меншик шөлкемлерден қаржы тартыўымыз керек. СОР28 иске қосқан қор 6,5 миллиард доллар қаржы топлап, раўажланып атырған ҳәм тикленип атырған мәмлекетлерге инвестиция киргизиўде даўам етпеке. Сондай-ақ, зыян ҳәм шығынлар ушын 8,5 миллиард доллар ажыратылды.

Еслетип өтемиз, СОР шеңбериндеги гезектеги сессия Бразилияда өткерилиўи режелестирилген.

ӨзА