2023-жылы Түркий мәмлекетлер шөлкемине ағза мәмлекетлер ҳәм бақлаўшы мәмлекетлердиң улыўма номинал ЖИӨ дүньяның 1,7 процентин (шама менен 1,8 трлн доллар), сатып алыў қәбилети паритети бойынша болса дүньяның 3,1 процентин (шама менен 5,7 трлн доллар) қурады, деп мәлимлеме береди хабар.уз
Экономикалық изертлеўлер ҳәм реформалар орайының соңғы 7 жыл ушын Өзбекстанның ТМШ мәмлекетлери менен саўда ҳәм инвестициялық бирге ислесиўин таллаўға бағышланған есабатында атап өтилиўинше, шөлкемге ағза мәмлекетлердиң улыўма сыртқы саўда айланысы 2023-жылы 1,2 трлн доллардан артқан.
Өзбекстанның ТМШ мәмлекетлери менен товар айланысы (хызметлерден тысқары) болса соңғы 7 жылда 3,34 млрд доллардан (2016-жыл) 9,4 млрд долларға (2023-жыл) дерлик 2,8 есеге, артты.
Онда экспорт 1,71 млрд доллардан (2016-жыл) 3,2 млрд долларға (2023-жыл) 1,9 есеге өсти. Импорт болса 1,63 млрд доллардан (2016-жыл) 6,2 млрд долларға (2023-жыл) 3,8 есеге өсти.
2024-жылдың 9 айы жуўмақлары бойынша 2023-жылдың усы дәўирине салыстырғанда Өзбекстанның ТМШ мәмлекетлери менен товар алмасыў көлеми 6,88 млрд долларды, экспорт 2,49 млрд долларды, импорт болса 4,4 млрд долларды қурады.
2024-жыл басынан берли Өзбекстанда ТМШға ағза мәмлекетлер капиталы қатнасыўындағы 500 ден артық жаңа кәрхана шөлкемлестирилип, олардың улыўма саны 4 мыңға жетти (республикада сырт ел капиталы қатнасыўындағы кәрханалар улыўма санының 28,8 процент). 2021-2023-жыллары ТМШға ағза мәмлекетлер Өзбекстан экономикасына 5 млрд доллардан артық инвестиция киргизди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги