Мәмлекетимизде ҳаял-қызлар ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланып, билим алыўы ушын кең имканиятлар жаратылған. Олардың кәсип-өнер үйрениўи, бәнтлиги тәмийинлениўи, жәмийетлик-сиясий белсендилиги арттырылыўы, түрли тараўларда өз қәбилетлери менен имканиятларын әмелге асырыўы ушын зәрүр шараятлар тәмийинленбекте.
Бул сенатта болып өткен жоқары билимлендириў мәкемелериниң «Қизларжон» клубының баслықлары ҳәм ҳаял-қызлар мәсләҳәт кеңесиниң басшылары менен ушырасыўда атап өтилди.
Сенаторлар тәрепинен кейинги жылларда Өзбекстанда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың мазмун-мәниси бойынша мағлыўмат берилди.
«Өзбекстан – 2030» стратегиясының мазмун-мәниси, мақсет ҳәм ўазыйпалары, тийкарғы бағдарлары ҳәм мақсетлери ҳаққында, сондай-ақ, Конституцияға киргизилген жаңа нормалардың әҳмийети шеңберинде кең түрде түсиник берилди.
Сөйлесиў даўамында ҳаял-қызларды социаллық қорғаў мәмлекетимизде мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилгени атап өтилди.
Ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў, гендер теңликти тәмийинлеў, аўыр социаллық аўхалдағы ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў арқалы оларды қорғаў, ҳаял-қызларды қысым ҳәм зорлықтан нәтийжели қорғаўға қаратылған жумыслар өз нәтийжесин бермекте.
Өзбекстандағы әҳмийетли сиясий илажлардан бири болған парламент ҳәм жергиликли кеңеслер депутатлығына болып өтетуғын сайлаў процесслерине тоқтап өтилди.
Бул сайлаў биринши мәрте жаңа редакциядағы Конституция ҳәм сайлаў нызамшылығына киргизилген өзгерислерге муўапық өткерилип атырғаны атап өтилди.
Ҳаял-қызлардың сиясий турмыстағы белсендилигин арттырыўға итибар қаратылып, Сайлаў кодексине сиясий партиялар тәрепинен депутатлыққа талабанлар көрсетилип атырғанда талабанлардың кеминде 40 процентти ямаса ҳәр бес талабанның екеўи ҳаял-қызлар болыўы зәрүрлиги нызамшылықта беккемлеп қойылды.
Илажда сайлаўалды үгит-нәсиятлаў шеңберинде әмелге тасырылып атырған кең көлемли таярлық жумыслары ҳаққында да мағлыўмат берилди. Қатнасыўшыларды қызықтырған сораўларға жуўап берилди.
Н.Абдураимова, ӨзА