29 жаслы Сара Маршаллдың перзенти Томми-Фрэнк 9 ҳәптелик ўақтында сөйлеп Гиннестиң рекордлар китабындағы «Ерте тили шыққан бала» номинациясын жаңалады. Бул ҳаққында оның анасы Сара дәслеп досларына айтқан, бирақ олар исенбеген. Буннан соң Сара 3 айға толмаған баласының сөйлеп атырғанын видеоға түсирген. Төменде сиз видеоны тамашалаўыңыз мүмкин.

 

ВИДЕО (үстине басың)

 

«The Sun»ның берген мағлыўматына қарағанда, нәресте шынында да әжапасының айтқан сөзлерин ядлап алып қайталайды. Анасы перзентиниң келешекте данышпан болатуғынлығына исенеди.

– Билемен, мениң балам рәсмий түрде рекордты жаңалаған жоқ. Бирақ, баламыздың өмири алдында, – дейди Сара Маршалл.

Мағлыўмат ушын, рәсмий рекорд Ноттингемде туўылған Тео исимли балаға тийисли болып, ол дәслепки мәрте 14 ҳәптелигинде «Сәлем, Дини» деп сөйлеген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.