Бунан саррас отыз үш жыл алдын Биринши Президентимиз, белгили мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткер Ислам Абдиғаниевич Каримов Ѳзбекстан Республикасының мәмлекетлик ғәрезсизлигин жәриялаған еди. Сол күннен баслап дүнья картасында жаңа ғәрезсиз ҳәм суверен мәмлекет – Ѳзбекстан Республикасы пайда болды.
Сол дәўирдеги оғада аўыр ҳәм қыйын тарийхый жағдайда қолға киргизилген миллий ғәрезсизлигимиз бүгинги күнде көп миллетли пүткил халқымызды Жаңа Өзбекстанды қурыўдай уллы мақсет жолында бирлестирип, жаңа табыс ҳәм жеңислерге қарай умтылдырмақта.
Жанажан Ўатанымыздың кѳп мың жыллық тарийхында жаңа дәўир – еркинлик ҳәм азатлық, миллий тиклениў ҳәм раўажланыў дәўири басланды. Биз бүгин халқымыздың мийнети менен таңлап алынған, ғәрезсизлик жылларында басып ѳткен аўыр ҳәм машақатлы, соның менен бирге, жүдә шарапатлы жолымызға бир нәзер салар екенбиз, тарийхый жақтан қысқа бир дәўирде ѳз тәғдиримизди ѳзимиз белгилеў, дүнья жәмийетшилигинде мүнәсип орын ийелеў, миллий мәмлекетшилигимизди, әзелий қәдирият ҳәм үрп-әдетлеримизди, муқаддес динимизди тиклеў, инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў бойынша үлкен жетискенлик ҳәм табысларды қолға киргизгенлигимизди мақтаныш пенен тилге аламыз.
Елимизде тынышлық ҳәм парахатшылықты, халқымыздың абадан турмыста жасаўын тәмийинлеў бойынша бүгин алдымызда және де баслы ўазыйпалар турғанлығын биз ҳәр тәреплеме терең аңлаймыз.
Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 11-сентябрь күни халқымыздың еркин ҳәм абадан, қүдиретли Жаңа Ѳзбекстанды қурыў бойынша мақсетин жүзеге шығарыў, ҳәр бир пуқараға ѳз потенциалын раўажландырыў ушын барлық имканиятларды жаратыў, саламат, билимли ҳәм руўхый бәркамал әўладты тәрбиялаў, глобал өндиристиң баслы буўынына айланған күшли экономиканы қәлиплестириў, әдалат, нызам үстинлигин, қәўипсизлик ҳәм тынышлықты кепилликли тәмийинлеў мақсетинде «Ѳзбекистан-2030» стратегиясы ҳаққында ПП-158-санлы Пәрманы қабыл етилди.
«Өзбекстан – 2030» стратегиясы, «Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы» бойынша қабыл етилген мәмлекетлик бағдарлама менен үнлес ҳалда «Бир болсақ – бир халықпыз, бирлессек – Ўатанбыз!» – деген баслы идеяны өзинде жәмлеген шөлкемлестириўшилик-әмелий, руўхый-ағартыўшылық илажлары ҳәм үгит-нәсиятлаў жумыслары белгилеп алынған.
Раўажланып киятырған жас әўладлар қәлбинде беккем турмыслық позиция ҳәм Ўатанымыз тәғдири ушын жоқары жуўапкершилик сезимлерин қәлиплестириў мақсетинде ўатансүйиўшилик тәрбиясы тараўында мазмун итибарына бола әҳмийетли система жаратылмақта.
Жәмийетимизде жаңа пикир, саламат күш үстин болыўы ушын биз руўхый турмысымызды жоқарылатыў, халық, бәринен бурын жасларымызды түрли зыянлы тәсирлерден сақлаў, оларды ҳәр тәреплеме жетик инсанлар етип тәрбиялаў ҳаққында турақлы ойлаўымыз, жедел ис алып барыўымыз зәрүр.
Алдымызға қойған уллы мақсет ҳәм режелеримизди реал нәтийжеге айландырыў ушын ҳәммемиз бир күш ҳәм билимимизди аямастан, пидәкерлик ҳәм ҳүждан менен мийнет етиўимиз, белсендилик кѳрсетип жумыс алып бараўымыз керек.
Елимизде дослық ҳәм аўызбиршилик орталығы барған сайын беккемленип, регионымыздағы жақсы қоңсышылық, тынышлықты сүйетуғын сыртқы сиясат себепли Өзбекистанның дүнья жәмийетшилигиндеги абырай-мәртебеси артып, дос ҳәм бирге ислесиўшилердиң қатары кеңейип, пүткил жәмийетимизди қамтып алған мине, усындай уллы ийгиликли ислер себепли турмысымызда қут берекет, миллетлер аралық дослық ҳәм меҳир сезимлери қүшейип бармақта.
Елимиз Ғәрезсизлик байрамы менен биргеликте ѳзиниң айрықша ҳəм терең мазмунлы дѳретиўшилиги менен халқымыз мəденияты ҳəм əдебиятын раўажландырыў, жасларды патриотлық ҳəм ийгиликли идеялар руўхында тəрбиялаў, өзбек ҳəм қарақалпақ халықлары арасындағы əзелий дослық ҳəм аўызбиршиликти беккемлеўге мүнəсип үлес қосқан белгили дөретиўши, қарақалпақ шайыры ҳəм ойшылы Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллық байрамын да қуўанышлы түрде күтип алмақта.
Президентимиздиң қарары менен Әжинияз Қосыбай улының Мойнақ районындағы қәбирин абаданластырыў ҳəм оған естелик орнатыў, усы районда Әжинияз Қосыбай улы атындағы экопарк қурыў белгиленген болып, әлбетте келешекте бул уллы қутлы орын халқымыз, бәрше жасларымыз ушын Ўатанға уллы меҳир ҳәм садықлық кѳрсетип жасаўдың шынлық тымсалына айланады, үлкен тәрбия ҳәм ѳрнек мектеби болып хызмет етеди. Ѳз гезегинде бул уллы еки байрамлардың белгилениўи де ѳзине тән терең ҳәм сиволикалық мәниге ийе болып, қосық ҳəм дəстанларында саўлеленген гуманистлик философиялық кѳз-қараслары ел-журтымыз кеўилинен терең орын ийелеген сезимтал шайырымызға ҳүрмет пенен тәжим етемиз.
Биз бүгин жаңа дәўир, еркин ҳәм азат турмысты баслап берген бул уллы сәнеде халқымыз қандай машақатлы ҳәм шарапатлы жолды басып ѳткенлигин және бир мәртебе терең сезинемиз.
Нәўқыран әўладларға Жаңа Өзбекстанның келешеги сыпатында айрықша итибар қаратылып атырғаны, жаслар менен ислесиў бойынша сийрек ушырасатуғын система жаратылыўы нәтийжесинде оларды заманагөй қәсип өнерлерге оқытыў, бәнтлигин тәмийинлеў, бос ўақтын мазмунлы өткериў ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша елимизде қәлиплескен нәтийжели ҳәм тәсиршең система енгизилмекте.
Уллы ойшыл Абдулла Авлоний: «Инсан ақыл ойының қуўаты ҳәм кеңлиги бәринен бурын устаз тәрбиясына байланыслы» – деген ҳикметли сѳзлери устазларымыздың машақатлы ҳәм шарапатлы ислерине берилген жоқары баҳа есапланады.
Илим пидайылары алымлық, Қудай нурын салған уллы бир мәртебе. Бул мәртебеден жәмийетимиздиң барлық буўынына нур, зыя таралады. Алымлардың сәўбетинен соң инсан ѳзине шексиз руўхый байлық алады, кеўил кеңликлерин, ақыл тереңлигин сезинеди.
Ўатанымыз ҳәм хылқымызға ѳзиниң терең билим ҳәм тәжирийбелери, ақыл зейини ҳәм руўхый потенциалы менен хызмет етип атырған илимий ҳәм дѳретиўши зыялылар, барлық жетискенликлеримиздиң тийкаршысы болған мийнеткеш, билимли ҳәм саўаплы, кеңпейил устазларымызға жаңадан-жаңа жетискенликлер яр болыўын тилеймиз.
Бәршемиз инсан қәдири жоқары норма болған жаңа өмир, жаңа жәмийет қурыў жолында қолға киргизген жеңислеримизди ғәрезсиз раўажланыў идеясына бәрқулла садық, мәрт ҳәм сабырлы халқымыздың пидәкерлик мийнети, ақыл-санасы ҳәм дөретиўшилик потенциалының өними деп билемиз ҳәм мине, усындай уллы елдиң перзентлери екенимизди шексиз мақтаныш етемиз.
Мәмлекетимизде қандай бағдарлама ҳәм режелер қабыл етилсе де, олардың бәршесинде үмитимиз, келешегимиз болған жасларымыздың мәплери айрықша есапқа алынбақта. Бул ҳаққында сѳз еткенимизде, мәмлекетимизде жаңа жоқары оқыў орынлары, сырт елдеги айбырыйлы университетлердиң филиаллары ашылып атырғанлығы, қабыллаў квоталарының асырылыўы, кѳпшилик бағдарлар бойынша сыртқы бѳлимлер ашылғанлығы менен атап ѳтиў керек.
Әсиресе, уллы бабаларымыз атындағы арнаўлы мектеплер, аймақларымызда белгили шайыр ҳәм жазыўшыларымыз атындағы дѳретиўшилик мектеплери, жасларымыз арасында ҳәр түрли таңлаўлар ҳәм фестивальлар, спорт жарыслары турақлы ѳткерилип атырғанлығы олардың илимий ҳәм дѳретиўшилик ислериниң раўажланыўында баслы роль атқармақта.
Ўатанымыздың миллий ғәрезсизлиги, халқымыздың азатлығы ушын гүресип, усы жолда жанын пидә еткен, тоталитарлық дүзим дәўиринде сиясий репрессия қурбаны болған ата-бабаларымыздың естелигин еске алыў бойынша белгиленген илажлар әмелге асырылмақта.
Бул илажлар Ўатанның азатлығы ҳәм гәрезсизлиги ушын қаҳарманлық кѳрсеткен, колониаллық дәўиринде репрессияға ушыраған ўатанласлырымыздың муқаддес естелигин мәңгилестириў, олардың ѳмирин ҳәм хызметлерин, илимий ҳәм дѳретиўшилик мийрасларын терең үйрениў, сондай-ақ жасларда ата-бабаларының қаҳарманлық руўхын ҳәм күшли еркин ҳүрметлеў, социаллық әдилликтиң салтанатына, ғәрезсизлик, пидайылық ҳәм пидәкерлик сезимин қушейтиўде айрықша әҳмийетке ийе.
Ўатанымыздың еркинлиги, халқымыздың ар-намысы ҳәм қәдир-қымбатын, миллий дәстүрлер менен үрп-әдетлерин қорғаў ушын, басқыншы ҳәм жаўыз күшлерге қарсы қатаң гүресте қурбан болған адамлардың естелиги миннетдар әўладлардың жүреклеринде мәңги сақланып қалады.
Түрли халықлардың миллий ѳзлигин, олардың тили ҳәм турмыс тәризин, үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин сүўретлеўши инсаният жаратқан бийбаҳа мәденият дүрданалары бәршемиз ушын қәдирли.
Көркем өнер академиясы, Жазыўшылар аўқамы, Журналистлер аўқамы менен биргеликте «Ана дияр – реңлер жилўасында», «Ўатан ушын жасайық», «Ең уллы, ең әзиз» сыяқлы дәстүрий таңлаўларды жоқары дәрежеде өткериў белгилеп алынған. Себеби бундай дәстүрий таңлаўлар руўхы ҳәм философиясының ҳәр бир инсан қәлбинде, бәринен бурын ѳнип-ѳсип киятырған жас әўладларымыздың санасы ҳәм жүрегинен терең орын алыўы, инсаный потенциалдың алтын фондын қурайды. Жасларымызда ѳзине, ѳз потенциалы ҳәм билимине исеним, келешекке умтылыў пайда болмақта.
Бәршени Ѳзбекистан мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз үш жыллық байрамы менен ҳүрмет пенен шын кеўилден қутлықлаймыз, Ўатанымыз және де абат, халықымыз ҳәмийше аман болып, ығбалыңыз бәлент, ѳмириңиз узақ, ырысқы-несийбелериңиз зыяда болсын!
Саламат Сулайманов,
Тарийх илимлериниң докторы, доцент.
Қарақалпақстан хабар агентлиги