Өзбекстан Халықаралық мийнет шөлкеминиң шаңарақлық миннетлемелерге ийе жумысшылар – ер адамлар ҳәм ҳаял-қызлар – ушын тең имканиятлар ҳаққындағы конвенцияны ратификациялады.

Президент Халықаралық мийнет шөлкеминиң Жумыс ислеп атырған ер адамлар ҳәм ҳаял-қызлар ушын тең мүнәсибетлер менен имканиятлар: шаңарақлық миннетлемелерге ийе хызметкерлер ҳаққындағы 156-санлы конвенциясын ратификациялаўшы нызамға қол қойды.

Бул конвенцияның мақсети ҳақы төленетуғын жумыста ислейтуғын ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар ушын тең мүнәсибетлер менен имканиятларды, сондай-ақ, шаңарақлық миннетлемелерге ийе болған шахсларға өз ҳуқықларынан дискриминациясыз ҳәм кәсиплик және шаңарақлық миннетлемелерди қолдан келгенинше үйлестирген ҳалда пайдаланыўды тәмийинлеўден ибарат.

Бурын Сенат ратификация ҳаққындағы нызамды көрип шығып, бул конвенцияның барлық талаплары мәмлекеттиң миллий нызамшылығына толық енгизилгенин атап өткен еди.

Ҳәзирги ўақытта конвенция Халықаралық мийнет шөлкемине ағза 187 мәмлекеттен 45 и тәрепинен ратификацияланған. Олардың арасында Норвегия, Швеция, Испания, Франция, Япония, Қубла Корея, Әзербайжан ҳәм Қазақстан бар.

Қарақалпақстан хабар агентлиги