Жаңа оқыў жылының басланыўына да санаўлы күнлер қалды. Оқыўға таярлықлар қызғын даўам етпекте. Быйыл республикамыз бойынша мектеплердиң 1-класына 37 360 оқыўшы қабыл етиледи.
Оларға 12 атамадағы «Президент саўғалары» тапсырылыўы күтилмекте. Сондай-ақ, усы жылдан баслап мектеплердеги 10-класс оқыўшылары ушын 45 орта арнаўлы кәсип-өнер мәкемелеринде, 166 мектепте оқыў-өндирислик комбинатлары ашылыўы режелестирилмекте.
Республикамызда 1029 билимлендириў мәкемелери бар: 703 мектеп, 306 мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси, 1 Меҳрийбанлық үйи, 17 «Бәркамал аўлад» балалар орайы, педагог кадрларды қайта таярлаў ҳәм тәжирийбелерин арттырыў институты ҳәм педагогикалық институт. Быйыл жергиликли бюджет қаржысы есабынан 22 (2 мектеп, 20 мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси) объектте капитал оңлаў жумысларын алып барыў режелестирилген. Сондай-ақ, 78 объект, 39 мектеп, 36 мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси ҳәм 3 интернатта ағымдағы оңлаў жумысларын алып барыў режелестирилген.
Қазанханаларды, ишки, сыртқы ысытыў системасын, төбесин оңлаў, сынған айналарды алмастырыў, ысытыў тармағын басым астында тазалаў жумыслары толық әмелге асырылды.
Бүгинги күнде 17 билимлендириў объектинде капитал оңлаў, 78 билимлендириў объектинде ағымдағы оңлаў жумыслары жуўмақланды.
Министрлик қарамағындағы 558 билимлендириў мәкемесине жәми 6824 тонна (3785 тонна көмир, 3040 тонна брикет) көмир жыйнаў режелестирилген болып, соннан бүгинги күнге келип 2576 тонна көмир қамтылды.
Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы