Қарақалпақстан хабар агентлигиниң 70 жыллығы алдынан

Кишкенелигинен жигит ағасы белгили журналист Азат Бердишевтиң изине ерип, әдебий китаплар оқыўға қызығып өскен Өтебай Бердишович Нурпейисов 1948-жылдың 15-сентябрь күни бурынғы Куйбышев районының орайы болған Халқабад елатында дүньяға келди.

Дәслепки баслаўыш билимди өзи туўылып өскен елатта алған ол, шаңарағының Нөкис қаласына көшип келиўине байланыслы 11-класты 1966-жылы пайтахтымыздағы Терешкова атындағы мектепте оқып тамамлады.

-Сол жылы 10-класс оқыўшылары да бизлер менен қатар мектепти бирге тамамлады,-дейди ол сол жылларды еске алып.-Сонлықтан жоқары оқыў орнына кириў ушын абитуриентлер арасында конкурс оғада күшли болды. Бирақ, мектепте устазларымыздың бизлерге берген тыянақлы билиминиң нәтийжесинде сол жылдың өзинде-ақ,  Ташкент Рус тили ҳәм әдебияты  педагогикалық институттың рус тили ҳәм әдебияты факультетине оқыўға түстим. Туўылғанлығым ҳаққындағы гүўалыққа фамилиямның Нурпейисов болып, ал, аттестатымда Бердишов болып жазылғанлығы себепли, әскерий комиссариат мени шақырықтан қашып жүрипти деп ойлап, институт ректоратына қатнас хатын жиберди ҳәм усы хат себепли оқыўдан шетлетилдим.

Бирақ, соңына ала бул түсинбеўшиликлер сапластырылып, оқыўымды даўам еттим. Бул жерде Сағындық Нийетуллаев, Емберген Өтепов, Жаңабай Жусипов сыяқлы бир қатар республикамызға белгили жигитлер менен бирге тәлим алдым. Соның арасында Армияға барып хызметте еттим.

Өтебай Нурпейисов 1972-жылы бурынғы «Жас Ленинши» газетасына жумысқа шақырылып, бул жерде хабаршы ҳәм соңын ала бөлим баслығы болып жумыс ислейди. Өзиниң рус тили ҳәм әдебиятын жетик билиўи нәтийжесинде, «Совет Қарақалпақстаны» ҳәзирги «Еркин Қарақалпақстан» газетасына жумысқа мирәт етилип, бул жерде де хабаршы, жуўаплы хаткер болып жемисли хызмет етти.

Соңынан ӨзТАГтиң Қарақалпақстан бөлими баслығы Генжебай Тилеўбергеновтың шақырыўына бола, бөлимде аўдармашы, бас редактордың орынбасары болып жумыс иследи. 1991-жылы Генжебай Тилеўбергенов қайтыс болғаннан соң, Өтебай Нурпейисов ӨзТАГтың Қарақалпақстан бөлимине баслық етип тайынланады ҳәм бул лаўазымда 1994 –жылға шекем жумыс ислеп, мәкеме атамасын Қарақалпақстан мәлимлеме агентлиги деп өзгертеди.

Буннан кейинги жыллары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине жумысқа шақырылып, онда референт, сектор баслығы болып жумыс ислеп, Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы, республикамызда шығып атырған жаңа нызам ҳәм қарарларды қабыллаў, оларды қайта ислеўде жемисли мийнет етти.

«Алмас қылыш қын түбинде жатпайды» дегениндей, буннан кейинги жыллары да шебер аўдармашы ҳәм редактор болған Өтебай Нурпейисов Қарақалпақстан Журналистлер аўқамында баслық, Қарақалпақстан хабар агентлигинде, «Жипек жолы» газеталарында аўдармашы болып жумыс иследи ҳәм соңынан ҳүрметли мийнет дем алысына шықты.

-Усы басып өткен өмирим даўамында көплеген устазлардан тәлим алып, жақсы инсанлар менен кәсиплес жолдас болдым,-дейди Өтебай аға сол жылларды еске алып.-Байрам қабатында бизди еске алып излеп келгениңиз ушын сизлерге үлкен рахмет. Илайым, кәсиплик байрам, соның менен бирге, Қарақалпақстан хабар агентлигиниң 70, «Еркин Қарақалпақстан» газетасының 100, «Вести Каракалпакстана» газетасының 105 жыллық юбилейлери менен бирге ислескен кәсиплеслерим, шәкиртлерим ҳәм пүткил халқымызды шын жүректен қутлықлайман. Илайым, Қарақалпақстан журналистикасы еле де алға қарай раўажланып, заман менен тең қәдем ата бериўине тилеклеспен.

Кеўли усындай жақсы тилеклерге толы болған Өтебай аға Нурпейисов ҳәзирги ўақытлары ул-қызларының алдында ақлықлықларына әдиўли ата болып, ғаррылықтың гәштин сүрмекте.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы