Самарқанд қаласында 2024-жыл 13-14-июнь күнлери Инсан ҳуқықлары бойынша IV форум болып өтти. Бул абырайлы халықаралық әнжуман дәстүрий түрде усы әййемги ҳәм нәўқыран қалада өткерилип киятырғаны ушын да Самарқанд форумы атамасын алған.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиӊ Инсан ҳуқықлары бойынша төртинши дәстүрий Самарқанд форумы қатнасыўшыларына жоллаған қутлықлаўында атап өтилгениндей, елимизде дәслепки мәрте 2018-жылы өткерилген инсан ҳуқықлары бойынша Азия форумы дүнья әмелиятына өзине тән “Самарқанд руўхы”н алып кирди, десек орынлы болады. Усылайынша инсан ҳуқықлары тараўындағы еӊ әҳмийетли машқалаларға бағышланған Самарқанд форумларын өткериў жақсы дәстүрге айланды.

Әлбетте, адамзат дус келип атырған климатқа байланыслы кескин машқалалардыӊ ақыбетлерин жумсартыў инсан ҳуқықлары тараўындағы халықаралық бирге ислесиўдиӊ әҳмийетли бағдарларларынан бири болып қалады.

«Экологиялық машқалалар: өзгериўшеӊ дүньяда инсан ҳуқықлары келешеги, турақлы шешимлер табыў» темасына бағышланған форум Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы, Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм «Раўажланыў стратегиясы» орайы тәрепинен бирге ислесиўши халықаралық шөлкемлер, атап айтқанда, БМШтыӊ Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқары комиссары басқармасы, усы басқарманыӊ Орайлық Азия бойынша регионаллық бюросы, БМШтыӊ Өзбекстандағы топары, ЕҚБШ Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросы ҳәм Өзбекстандағы жойбарларды муўапықластырыўшысы, ИБШ, ШБШ, ҒМДА, ЕА, ТүркПА, Экономикалқ бирге ислесиў шөлкеми, Азияда бирге ислесиў ҳәм исеним илажлары бойынша кеӊеси, Фридрих Эберт ҳәм Конрад Аденауэр қорларыныӊ қоллап-қуўатлаўы менен шөлкемлестирилди.

200 ден аслам халықаралық, регионаллық, сырт ел ҳәм миллий шөлкемлердиӊ ўәкиллери офлайн ҳәм онлайн форматта қатнасқан форум шеӊберинде үш жылпы мәжилис өткерилди.

Оларда климат өзгериўлериниӊ инсан ҳуқықларына тәсири менен байланыслы мәселелер кеӊ көлемде ҳәм мәлимлемелерди таллаў тийкарында толық додаланды.

Форумда тийкарғы итибар климат өзгериўиниӊ инсан ҳуқықларына көрсететуғын унамсыз тәсирин жумсартыўға байланыслы анық усыныс ҳәм шешимлер таярлаўға қаратылды. Бул бағдардағы жанлы тартыслар Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў ҳәм өзгерип атырған климат шараятында ҳәр бир инсанныӊ ҳуқықларын қорғаў ушын жәрдемлесетуғын нәтийжели стратегия ҳәм көзқарасларды ислеп шығыў ушын түрли тараў қәнигелерине қолайлы майдан болып хызмет етти.

Самарқанд форумы жуўмақлары бойынша бир қатар әҳмийетли нәтийжелер атап өтилди. Атап айтқанда, форум қатнасыўшылары арасында байланыс тармағын орнатыў ҳәм узақ мүддетли бирге ислесиўди раўажландырыў, инсанныӊ экологиялық ҳуқықлары тараўында турақлы мәлимлеме алмасыў ҳәм бирге ислесиў ушын платформа жаратыўға келисип алынды.

Ҳүкиметлераралық, халықаралық шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийети ушын климат өзгериўиниӊ инсан ҳуқықларына унамсыз тәсирин жумсартыў бойынша анық усыныслар ислеп шығылды ҳәм қызғын додаланды. Климат өзгериўи ҳәм инсан ҳуқықлары арасындағы қатнасықлар ҳаққында жәмийетшиликтиӊ хабардарлығын арттырыў мақсетинде билимлендириў ҳәм мәлимлеме тараўындағы жумысларды күшейтиў зәрүрлиги атап өтилди.

Форум усынысларын орынлаў ушын оныӊ қатнасыўшылары, соныӊ ишинде, ҳүкиметлер, шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийети ўәкиллерине анық миннетлемелер белгилеп берилди. Форумнан кейинги дәўирде климат өзгериўи менен байланыслы машқалаларға нәтийжели жуўап бериў ушын усынысларды әмелде қолланыўға қаратылған стратегия ҳәм ҳәрекет режелери тастыйықланды.

Климат өзгериўине бейимлесиў стратегиясы менен инсан ҳуқықларын тәмийинлеў перспективаларына байланыслы ўазыйпаларды бирлестириў бойынша инновациялық  басламалар қоллап-қуўатланды.

Еӊ тийкарғысы, халықаралық әнжуман шеӊберинде түрли мәмлекетлер ҳәм регионлар арасында климат өзгериўи шараятында инсан ҳуқықларын және де нәтийжели қорғаў бағдарында өз-ара тәжирийбе ҳәм билим алмасыўына жәрдемлести.

Форумныӊ жуўмақлаўшы ҳүжжети – «Климат өзгериўлери шараятында инсан ҳуқықларын глобал қорғаў: турақлы келешек жолындағы миннетлемелер ҳәм ис-ҳәрекетлер ҳаққындағы Самарқанд декларациясы» жойбары ислеп шығылды.

Әнжуман қатнасыўшылары Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевқа БМШ Бас Ассамблеясыныӊ 76-сессиясы ҳәм БМШ Инсан ҳуқықлары бойынша кеӊесиниӊ 46-сессиясындағы шығып сөйлеўлеринде усы форумды өткериў басламасын алға қойғаны ушын миннетдаршылық билдирди.

Инсан ҳуқықлары бойынша IV Самарқанд форумы усынысларын БМШ Бас хаткерине ҳәм басқа халықаралық шөлкемлерге усыныўға келисип алынды.

Форум жуўмағында оныӊ қатнасыўшылары әййемги ҳәм нәўқыран Самарқанд үлкесине жақсы нийет пенен нәллер екти.

Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзА