Қан тири жан ушын өмир дәреги. Инсанның инсан болып қәлиплесиўинде,  оның саламат  әўлад болып жетилисиўинде бул тиришилик дәрегиниң  орны айрықша. Әттең, арамызда кемқанлық ҳәм басқа да кеселликлери себепли қанға мүтәж болған инсанлар көплеп табылады. Оларға жәрдем қолларын созыўшы донорлар болса ҳәр қандай мақтаўға ылайықлы.

2005-жыл май айында Женева қаласында Жер жүзилик Денсаўлықты сақлаў ассамблеясының 58-сессиясында 14-июнь күнин «Халықаралық Донорлар күни» сыпатында белгилеўи  тастыйықланды. Бул күнди белгилеп қойыўдың себеби, инсанларда  бириншилерден болып қан группаларын  ашқан алым ҳәм буның  ушын 1930-жылы   Нобель  сыйлығының лауреаты болған, австриялы иммунолог врач Карл Ландштейнер (1868-ж) туўылған күни  менен байланыслы болып есапланады. Ҳәр жылы басқа мәмлекетлер қатарында бизиң елимизде де 14-июнь – «Халықаралық Донорлар» күни белгиленип келинбекте.

Усы сәне мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Қан қуйыў орайында байрам илажы шөлкемлестирилди. Бийғәрез донорларды ҳәм бийғәрез донорлықты раўажландырыў бойынша белсендилерди қоллап-қуўатлаў, хошаметлеў мақсетинде өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри орынбасары Г.Абдисаметова ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Қан қуйыў орайы баслығы ўазыйпасын атқарыўшысы Г. Абдирахмановалар шығып сөйлеп, жыйналғанларды байрам менен қутлықлады.  Буннан соң шөлкемлестириўшилер тәрепинен тараў хызметкерлери менен белсенди донорларға «Ҳүрмет жарлық»  ҳәм саўғалар тапсырылды. Байрам концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги