Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университетиниң Нөкис филиалында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатиының ағзасы, Өзбекстан кәсиплик аўқамы федерациясы Қарақалпақстан кеңесиниң баслығы Улығбек Жалменов пенен ушырасыў болып өтти.

“Сенатор ҳәм жаслар” темасындағы ушырасыўда сенатор У.Жалменов бүгинги күни мәмлекетимиз халқының дерлик 60 проценттен асламын қурайтуғын жаслар ушын жаратылған шараятлар, әсиресе олардың заманагөй ҳәм сапалы билим алыўы, арзыў-нийетлерин жүзеге шығарыўы ушын жаратылған имканиятларға тоқтап өтти.

-Сизлер жаңа Өзбекстанды, соның ишинде, жаңа Қарақалпақстанды қурыўдай уллы ўазыйпаны өз миннетиңизге алған бахытлы жасларсыз. Сизлерге билдирилген уллы исенимди ақлаў жолында тынымсыз ҳәрекет етиң, раўажланыўдан тоқтамаң! Алдыңғы тәжирийбелерди енгизип, жаңаланыўларға қарай қәдем таслаң! Сонда унамлы нәтийжеге ерисесиз, деди сенатор.

Пикир алысыўлар даўамында студент-жасларға парламент ҳәм  сенаторлардың жумысы туўралы мағлыўмат берилди. Бүгинги  сиясий процесслер, жаслардың жәмийетимизде тутқан орны, олардың билим алыўы менен бирге сиясий билимин арттырып барыў кереклиги туўралы сөз болды.

Сенатор өмир жолы ҳәм тәжирийбелери менен ортақласты. Сораў-жуўапларға бай өткен ушырасыў жасларда айрықша тәсир қалдырды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги