Корея Республикасы президенти Юн Сок Ёль Өзбекстанға әмелге асыратуғын мәмлекетлик сапары алдынан «Дунё» мәлимлеме агентлигине интервью берди.

Президент Юнның атап өтиўинше, мәмлекет ҳүкимети Орайлық Азиядағы бирден-бир айрықша стратегиялық шериги ҳәм тийкарғы бирге ислесиўшиси болған Өзбекстан менен өз-ара пайдалы ҳәм перспективалы бирге ислесиўге ерисиў ушын дослық қатнасықларын раўажландырыўда даўам етеди.

«Биз түрли тараўларда, соның ишинде, энергетика ҳәм инфраструктура, әҳмийетли пайдалы қазылмалар, тәмийнат шынжырлары, денсаўлықты сақлаў ҳәм медициналық хызмет, билимлендириў, санластырыў, илим ҳәм технологиялар, климаттың өзгериўи ҳәм қоршаған орталық сыяқлы тараўларда бирге ислесиўди және де кеңейтемиз», – дейди Юн.

Қубла Корея ҳүкимети «Корея Республикасы – Орайлық Азия K SILK ROAD (R.O.A.D) бирге ислесиў басламасы»н жәриялағанын, бул баслама Корея Республикасы ҳәм Орайлық Азия арасындағы 30 жыллық қатнасықлар тәжирийбесине тийкарланып атырғаны ҳәм жеделлик пенен өзгерип атырған халықаралық жағдайға жуўап тәризинде жаңа бирге ислесиў режеси екенин атап өтеди.

«Бул баслама Корея Республикасының регионымызға қаратылған биринши стратегиясы болып, Корея ҳәм Орайлық Азияда еркинлик, тынышлық ҳәм абаданлықты биргеликте қурыў мақсетинде «ийинлес» (биргеликтеги жол) раўажланыў, «ҳәрекетлерди бирлестириў» (конвертация) ҳәм «инновация ҳәм дөретиўшилик» (креативлик) принциплерине тийкарланады.

Атап айтқанда, ол энергетика ҳәм ресурслар тараўында стратегиялық шерикликти беккемлеў, өз-ара пайдалы экономикалық қатнасықларды раўажландырыў ушын раўажланыўға қаратылған бирге ислесиўди модернизациялаў, келешектеги абаданлық жолында шериклик байланысларын орнатыў ҳәм буған ерисиў ушын ҳүкиметлер, бизнес ҳәм пуқаралар арасында тығыз бирге ислесиў тармағын беккемлеўге қаратылған», – деди ол.

Атап өтилиўинше, келешекте Корея Республикасы ҳүкимети Орайлық Азияның бес мәмлекети менен Орайлық Азия стратегиясын әмелге асырыў бойынша мәсләҳәтлесиўлер ҳәм тығыз бирге ислесиўди даўам еттиреди. Ҳәзирги ўақытта региондағы тийкар бирге ислесиўши ҳәм дос мәмлекет болған Өзбекстан менен өз-ара пайдалы ҳәм келешекке бағдарланған бирге ислесиўди және де беккемлейди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги