Израиль ҳәм ҲАМАС оқ атыўды тоқтатыў бойынша келисимге еристи

Израиль ҳәм ҲАМАС Қатар дәлдалшылығында 2023-жыл октябрьден бери даўам етип атырған Газа секторындағы урысты тоқтатыўға келисип алды. АҚШ президенти Жо Байден бул келисимге өзи 2024-жыл май айында усыныс еткен режеге муўапық ерисилгенин атап өтти.
Реже үш басқышты өз ишине алады. ҒХҚның хабар бериўинше, биринши басқыш алты ҳәпте (42 күн) даўам етеди. Усы мүддет ишинде Израиль әскерлери Газа секторынан басқышпа-басқыш шығып кетиўи, аймаққа болса ҳәр күни гуманитарлық жәрдем жүкленген бир неше жүз жүк машиналары киргизилиўи керек болады.
ҲАМАС бул мүддет ишинде гиреўдеги 33 адамды азат етеди. Израиль гиреўге алынғанлардың улыўма санын 94 адам деп баҳалаған болып, олардан 34 адам қайтыс болған болыўы мүмкин.
Екинши басқышта Израиль ҳәм ҲАМАС урысты толық тоқтатыў ушын илажларды додалайды. Бул басқыш алты ҳәпте даўам етиўи керек. Бул мүддет ишинде келисимге ерисилмесе, оқ атыўды тоқтатыў мүддети созылады.
Сөйлесиўлердиң үшинши басқышында қалған гиреўге алынғанларды Израильға қайтарыў ҳәм Газа секторын қайта тиклеў режеси додаланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги