Кеўил наласы

363

 (Новелла)

-Бул қалай болды ағасы. Енди не қыламыз. Мына журттан уятын айтсеш.

-Не болатуғын еди. Усыны алмасам өлемен деп турса не қыласаң.

-Ҳаў биреўи гүңелек болса екенаў. Екеўиниң де тили жоқғо. Қудаң менен қудағайың қандай адамлар десе, тили жоқ, кәсип-кәри жоқ адамлар деймизбе.

Азан менен дастурхан әтирапында сөйлесип отырған Қәдирберген менен Мариямның гәплери ақыры соң не қыламыз деў менен жуўмақланды. Еки күннен берли үйинде жыр болып киятырған мәселе бүгинде шешилмеди. Баласын үйлендиремиз дегеннен қыз излестирип баслаған Мариямның ҳәрекетлери, ойлары бәри заяға кетти. Айтқан, көрсеткен қызды жақтырмағаныша бар екен баласының. Ақыры айтты жақсы көретуғын қызы бар екенлигин. Ана пақыр не қылсын, жақсы адамлардың перзенти болса, ийбели, мийримли қыз болса мақул балам деди де оның айтқаны бойынша сорастыра баслады. Баласы да билгени менен екиленип, не айтарын билмей жүрди. Бирақ, қыз жүдә ийбели, шаққан, өнерли қыз еди.

-Не дейди. Не? Биринши еситкен ўақытта Мариям есинен кетип қала жазлады.

-Аўа апа. Ата-анасы гүңелек болса қызында не айып. Қызы жақсы. Бирге оқыймыз. Жүдә шаққан. Рашид гәпин айтып та болмай атырып анасы бақыра кетти.

-Маңлайымаў. Бул не аўҳал. Бул не жағдай. Бизлер әкең екўмиздиң де өзлеримизге ылайықлы әрманларымыз бар. Бир төрели жақсы адамлар менен қуда-қудағай болсақ деген ойларымыз бар еди. Сонша қыз көрсеттим. Қурдасымыз Кәримбайдың қызы да әп-әнедей еди. Больницада медсестра болып ислеп атыр. Еледе кеш емес. Соны аласаң.

-Яғаў апа. Болмайды. Ақыры мен ўәде берип қойғанманғо. Ол жылап қалады.

-Жыласа көзине қум қуйылсын. Ертең мени айтты дерсең гүңелектиң балларының  тили болады бирақ, олардан туўылған баллар гүңелек болады деп еситкен едим. Ертең балларың қандай болып туўылатуғынын бир ойлап көргенсеңбе…

Бундай гәплер нешше күнге шекем даўам етти. Бирақ пайдасы болмады. Бала айтқанын қайтпады. Той болды. Жаслар тойында сөз берилгенде қыздың ата –анасы ым-ишара менен тилек билдирип, қызына ақ пәтиясын берди. Қәдирбергенниң жақтырмағаны соншелли қудасын ҳүрмет етип бир иззет көрсетпеди. Ол айтқанға көнбеген баласын ақыры бир басына тийер, соң және үйлендирип, кеўлимдегидей адамлар менен қуда боламыз  деп ойлар еди. Бирақ ол алжасқан еди…

-Ағасы сүйинши бериң солдатлы болдық. Ақлық оң болсын,-деп туўыў үйинен келген ҳаялын көрип Қәдирбергенниң иши жылып, ҳеш қуўанбады.

-Және бир сақаўды туўған шығар.

-Жақсы нийет етейик ағасы бунысы ондай болмас Қуда қәлесе.

-Ҳай қәйдем билейинаў.

-Енди бәри де бир Алладан. Бәри жақсы болады.

Тилекке қарсы екинши ақлығы да тилинде нуқсаны бар болып туўылды. Шаңарақта кеўилсиз күнлер басланған еди. Ҳеш кимниң кейпияты жоқ.

Бир күни ток өшип, музлатқыштың суўы ерип ағып қасындағы розеткаға қарай аға баслайды. Жуўырып ойнап жүрген кишкене бес жасар Рамуза қолындағы ойыншығын розеткаға тығып алады. Қызды ток урып қатты бақырып жибереди. Сол ўақытта сыпада газета оқып отырған атасы ақлығының даўысы  шыққан тәрепке қарай жуўырады. Қыз ессиз жатырған еди. Емлеўханаға апарады. Шыпакерлердиң жәрдеми менен қызға медициналық жәрдем көрсетиледи.  Сол ўақыттан баслап ол сөйлеп кетеди.

Бир күни баласы  пенен келини қуўанышлы түрде үйине кирип келеди.

-Апа, аға хош хабар. Баламыз да сөйлейди Қудақәлесе. Оның тилинде нуқсаны жоқ. Сүйинши бериң. Тек ғана киши медициналық әмелиятты ислетиўимиз керек екен.

Бул хош хабарды еситкен  Қәдирберген менен Мәриям қол-аяғы шаққан келинине сүйсине қарады. Ақлықларын баўырына басып Аллаға шүкиршилик етти.

Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги