Байден Америка менен хошласты

Жо Байден АҚШ Президенти сыпатындағы соңғы шығып сөйлеўинде америкалыларды байлық ҳәм ҳәкимият олигархлардың киши топары қолында топланыўы қәўпинен ескертти. Бул ҳаққында «Еuronews» жазған.
Бақлаўшылар ҳәм ғалаба хабар қуралларының пикиринше, ол атын тилге алмаса да, миллиардер Илон Маскти нәзерде тутпақта.
Халық пенен хошласыў сөзинде жетекши Америкаға күшли тәсирге ийе оғада байлар олигархиясы қәўип салып атырғанына итибар қаратты. Оның баянатында 1961-жыл әскерий-санаат комплекси қәўпинен ескерткен, бурынғы президентлерден бири Дуайт Эйзенхауэрдиң соңғы шығып сөйлеген сөзин ескерткендей.
Байденниң пикиринше, ол (Маск-редакция) социаллық тармақты басқарады, бундай дәреклерден «америкалыларға надурыс мағлыўмат көшкиси келип, ҳәкимиятты өз мәпине пайдаланыў ушын шараят жаратылады». Соның менен бирге, «еркин ғалабалық мәлимлеме қураллары қулап түспекте, социаллық тармақ болса фактти тексериўден бас тартпақта».
17 минутлық шығыўында отставкаға шыққан жетекши өз мийрасхоры Дональд Трамп ямаса оның әтирапындағылардың атын тилге алмады.
Ҳақыйқатында да, миллиардер Илон Маск жаңа лаўазымында, Ҳүкимет нәтийжелилиги уйымының басшысы сыпатында Трамп ҳәкимшилигине сезилерли тәсир көрсете алыўына көпшилик гүманланбай атыр.
Соған қарамастан, Байден Америка демократиялық институтлары беккемлигине исенетуғынын да атап өтти. Мүрәжатының соңында халық, шаңарағы ҳәм тәрепдарларына президент сыпатында хызмет етиўдей «уллы мақтаныш» ушын миннетдаршылық билдирди, жасларды белгилеп берилген принциплер ҳәм институтларды қорғаўға шақырды.
ӨзА