Шөлкем басшыларының түсиниклери кеңейди

290

Нөкис қаласындағы «Дослық үйи»нде Өзбекстан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери миллий Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими басламасы менен Республика Әдиллик министрлиги, Статистика ҳәм Салық басқармалары менен биргеликте «Электрон есабатларды тапсырыўда мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң хабардарлығын арттырыў жоллары» атамасында семинар-тренинг болып өтти.

Илажға республикамызда жумыс ислеп атырған мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң басшылары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Семинар-тренингти Өзбекстан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери миллий Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы Қуўат Каримхожаев басқарып барды.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң сектор баслығы Абубакир Отарбаев, Статистика басқармасы қәнигеси Наўрызбек Балтабаевлар мәмлекетимизде электрон есабатларды тапсырыў тәртиплери ҳәм мүддетлери ҳаққында илаж қатнасыўшыларына кең түрде түсиниклер берди.

Соның менен бирге, есабатларды өз мүддетинде тапсырмаў тийисли тәртипте жәриймалардың салыныўына себеп болатуғынлығы қәнигелер тәрепинен атап өтилди.

Семинарда қатнасыўшылар тәрепинен қәнигелерге сораўлар берилип, оларға жуўап алды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы