Шоманай районында бокс бойынша ашық бириншилик басланды

322

Шоманай районындағы спорт мектебинде спорттың бокс түри бойынша 10-17-жастағы жас өспиримлер арасында 31-70 килограмм салмақ категориясында Шоманай районлық спорт мектебиниң ашық бириншилигине старт берилди.

Оның ашылыў мәресимине район ҳәкими А.Аметов ҳәм сектор баслықлары қатнасты.

Мәресимде район ҳәкими ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жарысқа қатнасып атырған жас спортшыларға әўмет тиледи.

Атап өтилгениндей, бундай дәрежедеги жарыслардың өткерилиўи районда спортты раўажландырыў, жасларды спорт пенен шуғылланыўға кеңнен тартыў, саламат турмыс тәризин қәлиплестириўге қаратылғаны менен әҳмийетли болып есапланады.

Бул жарыс жас спортшылар ушын айрықша имканият болып табылады. Олар өзлериниң шеберлигин көрсетип, тәжирийбе, сондай-ақ, жаңа дослар арттырыўы мүмкин. Ал, Шоманай районлық спорт мектеби өзиниң ашық бириншилигин өткериў арқалы жас спортшыларды қоллап-қуўатлаў, оларды спортқа тартыў ҳәм олардың спорт шеберлигин арттырыўға хызмет етеди.

– Мен Шоманай районындағы 7-санлы улыўма билим бериў мектебинде оқып атырман. Оқыўдан бос ўақытларымда райондағы спорт мектебине келип, спорт пенен шуғылланып атырман. Өткерилип атырған ашық бириншиликте 45 килограмм салмақта жарысқа түсип атырман. Алдыма қойған мақсетим биринши орынларды ийелеп, Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстан чемпионы болыў, профессионал боксши болып жетисиў,-дейди жарыс қатнасыўшыларының бири Жәнибек Жаңабаев.

Жарыста Хорезм ўәлаяты, Хожели, Қоңырат, Тақыятас ҳәм Шоманай районындағы жас боксшилер күш сынасады.


Бокс бойынша ашық бириншилик ушын гүрес 18-19-январь күнлери даўам етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги