Түркияның биринши спутниги орбитаға сәтли шығарылды

277

Түркияның биринши спутниги орбитаға сәтли шығарылды, деп хабар бермекте KAZINFORM.

Ушырыў операциясы АҚШтағы  Ванденбург ҳаўа күшлериниң базасында өтти. Экспертлердиң пикиринше, FGN-100-d1 спутниги Fergani Space компаниясының космослық технологиялар ҳәм навигациялық системаларды жетилистириў ҳаққындағы дүнья жүзилик миссиясындағы дәслепки қәдеми болды. Бул космос жобасының сәтли жүзеге асыўы Түркияның космосты меңгериўиндеги роли артып атырғанын билдиреди, делинеди хабарда.

Қарақалпақстан хабар агентлиги