Ай жоқ болып кете ме?

Дүнья естеликлер фонды (WMF) Айды жоқ болып кетиў мүмкин болған мәдений мийрас объектлериниң дизимине киргизди. Мәлим болыўынша, болажақ коммерциялық рейслер Жердиң тәбийғый жолдасына унамсыз тәсир етиўи мүмкин.
The Guardianның жазыўынша, Дүнья естеликлер фонды әдетте Жердеги қорғаў зәрүр болған объектлерди дизимге алады. Быйыл дизимге Ай менен бирге, Анд таўларындағы испанларға шекемги жол системасы, Түркиядағы Анакия (Антиохия), Япониядағы жер силкиниўден жәбир көрген Ното ярым атаўы ҳәм басқалар – жәми 25 объект киргизилди.
Дүнья естеликлер фонды дизиминдегилердиң көпшилиги Украина ҳәм Газо сыяқлы урыс болып атырған аймақларда жайласқан ямаса климат өзгерислери себепли қәўип астында қалған объектлер болып табылады.
Еслетип өтемиз, 15-январь күни SpaceX Айға қонатуғын еки кемени ушырған еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги