«Жаслар дәптери»не киргизилген жасларға «права»ға оқыў қаржысы төлеп бериледи

298

Нызамшылыққа тийкарланып, дәптердеги жаслардың автомектепте оқыў қәрежетлери қапланады. Бул муғдар – БЕМниң 4 есесине шекем, 1 миллион 320 мың сумды қурайды.

Оның ушын автомектепте оқыўды қәлеген жаслар район (қала)лық жаслар ислери бөлимине арза ҳәм оқыў курсы шәртнамасының нусқасын береди. Шәртнамада билимлендириў шөлкеминиң аты, СТИР, оқыў курсы ямаса кәсип-өнер аты, бир айлық төлем муғдары ҳәм улыўмалық мүддет көрсетилген болыўы керек.

Қарақалпақстан хабар агентлиги