Өзбекстан-Қытай: Саўда-экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыў жолында гезектеги қәдем

320

Пайтахтымызда ХХРдың мәмлекетимиздеги елшиханасы менен биргеликте Өзбекстан-Қытай бизнес форумы болып өтти.

Тийисли министрлик, уйымлардың басшылары, 400 ге шамалас бизнес ўәкиллери қатнасқан бул илаждың ашылыўында ХХРдың Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Юй Цзюнь бул форум бар байланысларды тереңлестириў, жаңа жойбарлар ислеп шығыў, улыўма еки тәреплеме саўда-экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыў жолында гезектеги қәдем болатуғынын атап өтти.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары Қытай ҳәм Өзбекстан арасындағы бирге ислесиў көлеми избе-из кеңейип бармақта. Бүгинги күнде Шын мәмлекети республикамыздың ең ири саўда ҳәм инвестиция шериги есапланады.

2024-жылдың жуўмағында ХХР мәмлекетимизге киргизген инвестиция муғдары 10 миллиард доллардан артты, товар алмасыў баҳасы болса 13,1 миллиард долларды қурады.

Ҳәзирги ўақытта Өзбекстанда Қытай капиталының қатнасыўында хызмет көрсетип атырған 3357 кәрхана аймақларда энергетика, жеңил санаат, инфраструктураны раўажландырыў, азық-аўқат өнимлерин ислеп-шығарыў, геологиялық-излеў сыяқлы әҳмийетли тараўларда жойбарлар әмелге асырмақта.

Бизнес-форум даўамында Өзбекстанда қолайлы бизнес жүргизиў, исбилерменлердиң ҳуқықы ҳәм мәпин қорғаў ушын жаратылған шараятлар ҳаққында мағлыўмат берилди. Мәмлекетимиздиң инвестиция ҳәм санаат потенциалының әҳмийетли тәреплерине тоқтап өтти. Инвестиция жойбарларын әмелге асырыў ҳәм иске қосылған объектлерден пайдаланыў процесинде исбилерменлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға таярлық билдирилди.

Әнжуман шеңберинде елимиздиң инвестициялық ҳәм туризм потенциалына бағышланған презентациялар да көрсетилди. В2В ҳәм В2G түринде ушырасыўлар шөлкемлестирилди. Қатнасыўшылар жаңа исбилерменлик байланысларын орнатыў, перспективалы басламаларды додалаў ҳәм өз-ара пайдалы шәртнамалар дүзиў имканиятына ийе болды.

         ӨзА