Binance крипто-биржасы Өзбекстан аймағында қарыйдарларға хызмет көрсетеди

324

Перспективалы жойбарлар миллий агентлигине бола, елимиз аймағында Binance крипто-биржасы өз жумысын нызамшылық пенен белгиленген тәртипте жергиликли «CoinPay» ЖШЖ арқалы әмелге асырыўды режелестирмекте.

Өзбекстан резидентлерине Binance платформасына «COINPAY» ЖШЖның тийисли ресурслары (coinpay.uz) арқалы кириўине имканият бериледи. Соның менен бирге, пайдаланыўшылар өз қаржыларын банк карталары ҳәм миллий төлем системалары арқалы миллий валютада киргизиў ҳәм шығарыў имканиятына ийе болады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги