Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасында туристлик поездлардың қатнаўы жолға қойылады

Астана қаласында Қазақстан ҳәм Өзбекстан арасында туристлик поездлардың қатнаўы ҳаққында келисимге қол қойылды.
Қазақстанның «Inbusiness» мәлимлеме агентлиги берген мағлыўматқа бола, «Өзбекстан темир жоллары» АЖ ҳәм Қазақстанның «Пассажирские перевозки» АЖ компаниялары басшылары арасындағы ушырасыўда тәреплер еки мәмлекет арасында жолаўшы тасыў тараўында өз-ара бирге ислесиў байланысларын раўажландырыў мәселелерин додалаған.
Атап өтилиўинше, еки мәмлекет арасында туристлик поездларының қатнаўы ҳаққында келисимге қол қойылған, сондай-ақ, биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў бойынша жумысшы топар қурамы тастыйықланған. Бул бағдардағы биринши қәдемлерден бири «Жипек жолы» туристлик поездының иске қосылыўы болды.
«Сондай-ақ, басқа бағдарларда да усыған уқсас туристлик маршрутларды жолға қойыў имканиятын көрип шығыўға қарар етилди. Атап айтқанда, жаңа «Астана-Самарқанд» халықаралық жөнелиси көрип шығылмақта,-деп жазады «Inbusiness».
Қалаберди, сапар даўамында жолаўшы тасыўды басқарыў, ҳәрекетлениўши қурамға техникалық хызмет көрсетиў, мәлимлеме системаларын енгизиў ҳәм билетлерди онлайн сатыўды шөлкемлестириў бойынша тәжирийбе алмасыў мәселелери де додаланған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги