«Насаф» жаңа дәрўазаман менен келисимге еристи

Футбол бойынша Өзбекстан чемпионы «Насаф» жаңа мәўсим алдынан өз қурамын легионерлер менен күшейтиўди режелестирмекте.
Атап айтқанда, клуб басшылары украиналы легионер дәрўазаман Олександр Воробей менен келисимге ерискен.
Жақын күнлер ишинде дәрўазаман Қаршыға жетип келеди. 1,90 см бойға ийе Воробей өткен жылы Грузия чемпионатында жақсы ойынлар көрсетип, жылдың символикалық сайланды командасы қурамынан орын алған еди.
Атап айтқанда, ол өткен мәўсимде «Гагра» командасы қурамында 34 ойында майданға түсип, өз дәрўазасынан 44 гол өткерип жиберген. 12 ушырасыўда бирде-бир гол урғызбаған.
Әлбетте, Олександр Воробей «Насаф» тың тийкарғы дәрўазаманы Абдувоҳид Неъматовға жаңа бәсекилес болады, деп ойлаймыз.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы