Президент басшылығында басланған видеоселектор мәжилисинде энергия нәтийжелилиги, көп қабатлы жайларды басқарыў ҳәм гүзги-қысқы мәўсимге таярлық мәселелери көрип шығылмақта.
Өткен жылы электр ҳәм газди үнемлеў бойынша район кесиминде бағдарламалар қабыл етилди. Квартиралар ҳәм социаллық объектлерде орнатылған бир ғана қуяш коллекторлары есабынан 20 миллион киловатт үнемленбекте.
Санаат кәрханалары да “жасыл энергия” дәреклерин енгизбекте. Мәселен, “Өзбеккөмир”системасында қуяш коллекторлары ҳәм ыссылық насослары орнатылғаны есабынан жылына 150 мың киловатт электр үнемленбекте.
Бирақ айрым аймақларда жумыслар төмен болғаны ушын электрди үнемлеў режеси толық орынланбай атырғаны көрсетип өтилди.
ӨзА