Өткен шемби күни республикамызда «Жаслар күни» байрамы кең түрде белгиленди.

2017-жылдың 30-июнь сәнеси елимиз жасларының турмысында ең умытылмас күнлердиң бири болып қалады. Усы күни Ташкенттеги Симпозиумлар сарайында болып өткен Өзбекистан «Камолот» жаслар жәмийетлик ҳәрекетиниң IV қуралтайында  Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың тиккелей басламасы менен «Жаслар – келешек  қурыўшылары» сүрени астында профессионал жумысты әмелге асыратуғын Өзбекстан жаслар аўқамы шөлкемлестирилди. Аўқам шөлкемлестирилген күн – 30-июнь сәнеси елимизде «Жаслар күни» сыпатында белгиленетуғын болды.

Байрам бағдарламасына муўапық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде «Ҳәким ҳәм жаслар» жойбары шеңберинде ушырасыў болып өтти. Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М. Ерниязов жыйналғанларды «Жаслар күни» менен қутлықлап, усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Президентиниң жоллаған байрам қутлықлаўын оқып еситтирди.

Қутлықлаўда атап өтилгениндей, жасларымыздың нызамлы ҳуқық және мәплерин тәмийинлеў, олардың арзыў-нийетлерин, уқыбын ҳәм имканиятларын жүзеге шығарыў мәмлекетлик сиясаттың ең әҳмийетли және тийкарғы бағдарына айланды. Өткен бир жылдың ишинде усы мақсетте 20 дан аслам Нызам, Пәрман және қарар қабыл етилди. Жаңадан шөлкемлестирилген Жаслар аўқамының усынысы менен 4 мың 300 ге шамалас жигит-қызға банклер тәрепинен 216 миллиард сумлық жеңилликли кредит берилген болса, 184,3 мыңнан аслам жас жумыс орны менен тәмийинленди. Елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды әмелге асырыўда белсендилик көрсетип, өзиниң билим және қәбилети, нәтийжели мийнети менен елимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосып киятырған жасларға «Мард ўғлон» ҳәм «Келажак бунёдкори» мәмлекетлик сыйлықлары шөлкемлестирилген еди. Байрам мүнәсибети менен ескек есиў бойынша халық аралық турнирлердиң жеңимпазы, Жәҳән ҳәм Азия ойынларында жоқары нәтийжелерге ерисип киятырған Исламбек Мәмбетназаров, Шоманай районындағы «Комсервис Шоманай» жеке меншик кәрханасының баслығы Сабур Сагатов  «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығын алыўға миясар болды.  Республикамыз басшысы сыйлықларды салтанатлы жағдайда тапсырды. Сондай-ақ, Жаслар мәселелери  бойынша Қарақалпақстан Республикасы ведомстволараралық кеңеси тәрепинен бир топар жасларға естелик саўғалары тапсырылды.

Илажда «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығының ийеси С.Сагатов, келешегинен үмит күттиретуғын спортшы И.Мәмбетназаровтың әкеси М.Мәмбетназаров, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң магистранты С.Төрешова шығып сөйлеп, жасларға көрсетилип атырған айрықша итибар және ғамқорлығы ушын ҳүрметли Президентимизге шексиз миннетдаршылық билдирди.

-Бундай имканиятлардан нәтийжели пайдаланған жаслар бүгинги күни қайсы тараўды алып қарамаң, белсендилик көрсетип келмекте,-дейди Төрткүл районындағы «Зулайхо момо» фермер хожалығының баслығы Дилноза Искандерова.-Усы жылдың басында «Уллыбағ» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан шөлкемлестирилген фермер хожалығымызда 21,6 гектар егислик майданы болып, 4 адам турақлы, 10 адам, соның ишинде жаслар мәўсимлик жумыс пенен тәмийинленген. Келешекте көп тармақлы фермер хожалыққа айландырып, аўылымыздың атына сай уллы бағ жаратпақшыман.

Усы күни «Мен ҳәм Жаслар аўқамы» сүрени астында спорт акциялары, жоқары оқыў орынларының студентлери, кәсип өнер колледжлери ҳәм академиялық лицейлер, улыўма билим бериў мектеплери оқыўшылары, жәмлеспеген жаслардың қатнасында «Youth day» марафоны, пайтахтымыздағы «Истиқлол» балалар дем алыў орайында «Жаслар-келешек қурыўшысы» темасында мийнет ярмаркасы ҳәм жаслар сейиллери болып өтти. Усы күни өткерилген «Китапқумарлық викториналары», китап ярмаркалары, жас аспазлар таңлаўы, миллий ҳәм дүнья аяқ ойынлары фестивалы, жас сүўретшилер ҳәм өнерментлер галареясы, жас исбилерменлер менен фермерлер өнимлериниң көргизбеси, әскерий бөлимлерде «Мәрт жигит» темасындағы дөгерек сәўбетлери, белгили көркем өнер ғайраткерлериниң қатнасында «Футбол-шоу» ҳәм басқа да бир-биринен қызықлы илажлар қатнасыўшыларда айрықша тәсир қалдырды.

Байрам соңында пайтахтымыздағы «Туран» стадионында «Жаслар-Өзбекстан келешеги» сүрени астында гала концерт болып өтти. Илаж ашық, деп жарияланып,  Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик гимнлери жаңлады. Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министриниң орынбасары М.Иноятов Президентимиздиң Өзбекстан жасларына байрам қутлықлаўын оқып еситтирди. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М. Ерниязов жыйналғанларды байрам менен қутлықлап, ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында жасларды ўатанды сүйиўшилик, миллий дәстүр ҳәм қәдриятларымызға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, руўхый дүньясы жетик ҳәм физикалық жақтан бәркамал әўладты камалға келтириў, олардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларға тоқтап өтти. Жаслар аўқамының Әмиўдәрья, Беруний, Тақыятас, Қанлықөл, Шоманай, Қараөзек, Нөкис районлық кеңеслерине, сондай-ақ, «Жаслар» телеканалына хызмет автомашиналарының гилтлери салтанатлы жағдайда тапсырылды. Илаж Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.

«Жаслар күни»не бағышланған бундай байрам илажлары республикамыздың барлық районларында болып өтти.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.

М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери