Өзбекстан ҳәм Түркия мәмлекетлери Президентлериниң исенимли ерк-ықрары, олар арасындағы тығыз, өз-ара исенимге тийкарланған қатнасықлар себепли еки тәреплеме байланыслар кең көлемли стратегиялық шериклик дәрежесине алып шығылды.

Бул Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева ҳәм Түркия Республикасы Уллы миллет мәжилисиниң Баслығы Нуман Куртулмуш ушырасыўында атап өтилди.

Сөйлесиўде сиясий, саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық ҳәм парламентлераралық тараўларда Өзбекстанның Түркия менен бирге ислесиўиниң бүгинги жағдайы ҳәм байланысларын буннан былай да раўажландырыў перспективалары додаланды.

Кейинги алты жылда өз-ара товар алмасыў көлеми 1,5 мәртеге артып, Түркия Өзбекстанның төртинши тийкарғы экономикалық шеригине айланғаны атап өтилди. Өз-ара саўда көлемин арттырыў ҳәм экономиканың түрли тармақларында санаат кооперациясы бойынша жойбарларды әмелге асырыў ушын имканиятлардан және де кеңирек пайдаланыў кереклиги атап өтилди.

Социаллық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда байланысларды және де кеңейтиў ушын еки мәмлекетте де потенциал жетерли екени, бул бағдарда имканиятларды бирлестириў кереклигине айрықша итибар қаратылды.

Әсиресе, денсаўлықты сақлаў бағдарында кадрлар потенциалын арттырыў, илим ҳәм билимлендириў тараўларында биргеликтеги илимий жойбарларды жолға қойыў, студентлер алмасыўын жеделлестириў бойынша пикир алысылды.

Өзбекстан ҳәм Түркияның қәдириятлар уқсаслығынан келип шығып, шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәселелеринде еки мәмлекеттиң тийисли министрликлери ҳәм уйымлары арасында бирге ислесиўди кеңейтиўге итибар қаратылды.

Ушырасыўда парламентлер арасындағы бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыў мәселелери көрип шығылды. Атап айтқанда, бирге ислесиў бойынша парламентлераралық топары ҳәм «Өзбекстан – Түркия» парламентлераралық дослық топары арасындағы қатнасықларды және де беккемлеў, комитетлер менен тиккелей байланыслар орнатыў бойынша исенимли пикир билдирилди.

Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы