Астына қатып қалмайтуғын ыдыс-табақлардың қурамындағы элементлер адам организмине кирсе, рак кеселлигин келтирип шығарыўы мүмкин, деп жазады РИА Новости сайтына тийкарланып Daryo.uz.

Изертлеў мағлыўматларына қарағанда, астына қатырмайтуғын қапламасына зыян жеткен таба ямаса кастрюлдан пайдаланғанда, адамға перфтороктан кислотасы тәсир етиўи мүмкин. Бул элемент суў ҳәм жалын өткермейтуғын материаллардың қурамында да болады.

Атап өтилиўинше, перфтороктан кислотасының бөлекшелери зәҳәрли қәсийетке ийе болып, адам организмине киргенде рак раўажланыўы, холестерин муғдарының артыўы ҳәм иммун системасы функциясының төменлеўине алып келеди.

Лаборатория ҳайўанлары үстинде жүргизилген изертлеўлер бул элементтиң баўыр, асқазан асты бези ҳәм жынысый органларда исиклердиң жүзеге келиўине шараят жаратыўын көрсетти. Сондай-ақ, перфтороктан кислотасы перзентсизликке де алып келиўи мүмкин.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги