Пуқаралық ислери бойынша Әмиўдәрья районы судының усы жыл 27-марттағы орынлаў ҳүжжети тийкарында жасы  жетпеген еки баланы жуўапкер Р.О.дан даўагер У.Г.ның тǝрбиясына алып бериў белгилеп берилген.

Усы орынлаў ҳүжжети Мǝжбүрий орынлаў бюросы Әмиўдәрья районлық бɵлиминиӊ ис жүргизиўине келип түсип, орынлаў ҳǝрекетлерине кирисилген.

Атап айтқанда, суд қарарының орынланыўын тǝмийинлеў мақсетинде бɵлим хизметкерлери тǝрепинен алып берилиўи тийис болған балалар жасап атырған мǝнзил, яғный Амударё районы, Қаңлы аўыл пуқаралар жыйынындағы үйге усы жылдың 6-апрель күни барылып, жуўапкерге суд қарарыныӊ орынлаўы кереклиги, оны орынламаўдың ақыбети ҳаққында аймақ ақсақалыныӊ қатнасында түсиник берилди.

Буннан кейин, жуўапкер Р.О. балаларды ɵз ықтыяры менен анасына қайтарып берди ҳǝм суд қарарының орынланыўы ǝмелде тǝмийинленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги