Президентимиздиң тапсырмасы менен республикамыздың барлық орынларында мәҳәллелерди абат етиў, ол жерде ушырасып атырған машқалаларды сапластырыў бойынша жумыслар даўам етпекте.

Яғный,  мәмлекет тәрепинен ажырыталған 500 млн сум муғдарында қаржы жумсалып, жумысшы топар тәрепинен үйренилген кемшиликлер сапластырылмақта.

Бул бағдардағы жумыслар Хожели районында да реже тийкарында алып барылмақта. Райондағы «Қумжыққын» АПЖ да 1,1 км жерге ишимлик суўы тармағын жаңадан тартыў, 2 жерге трансформатор, 21 дана электр бағанасын ҳәм мәҳәлле имараты жанына өртке қарсы щит орнатыў, 3 жерге видекамера қурылмасын  сондай-ақ, қуяш панелин қурыў режелестирилген.




-Бүгинги күнде ишимлик суўы тармағын жаңадан тартыў жумыслары алып барылмақта. Соның менен бирге 2 жерге трансформатор қурылып, 21 дана электр бағаналары орнатылды,-дейди «Қумжыққын» АПЖ баслығы С.Абдимуратов.

Аймақта бул бағдардағы илажлар даўам еттирилип, халықтың жақсы турмыс кешириўи ушын имканиятлар жаратылмақта.

Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги