Нөкис гарнизоныныӊ Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайында “Жаӊа Өзбекстанныӊ ибратлы шаӊарағыман!” сүрени астында өткерилген “Ибаратлы әскерий шаӊарақ” таӊлаўыныӊ Арқа-батыс әскерий округи басқышы әскерий шаӊарақларда миллий мәденият, үрп-әдет ҳәм қәдириятларды сақлаў, шаӊарақтыӊ абаданлығын тәмийинлеў, туўылып өскен жеринен алыста жасап атырған шаӊарақларды бирлестириўге хызмет етиўи менен әҳмийетли болды.

Таӊлаўда округтиӊ әскерий бөлимлериндеги еӊ ибратлы ҳәм үлгили әскерий шаӊарақлар қатнасты.

Ўатанымызды қорғаўдай машақатлы ўазыйпаны атқарып киятырған елимиздиӊ сақшылары шаӊарақларыныӊ беккемлигин тәмийинлеў, әскерий шаӊарақларда саламат орталықты қәлиплестириў, олардыӊ арасында миллий қәдириятларымызды, үрп-әдет ҳәм дәстүрлеримизди кеӊнен үгит-нәсиятлаў, алыс гарнизонларда жасаўы ушын қолайлы шараятларды жаратыў ҳәм социаллық қорғаўды тәмийинлеў бойынша бир қатар жумыслар алып барылмақта. Әскерий шаӊарақларда ушырасатуғын машқалалар унамлы шешим таппақта. Олардыӊ перзентлериниӊ тәлим-тәрбия алыўы, өмирлик жолдасларыныӊ тәлим бағдары бойынша жумысқа орналасыўы ямаса исбилерменлик пенен шуғылланыўы ушын имканиятлар жаратылып берилмекте.  Булардыӊ барлығы шаӊарақларда тыныш-татыўлықты тәмийинлеў, өз-ара қатнасықларды беккемлеў, саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаўға қаратылмақта.

Ҳикметлерден биринде “Шаӊарақ турмыстыӊ мәӊгилигин, әўладлардыӊ даўамлылығын тәмийинлейтуғын, муқаддес үрп-әдетлеримизди соныӊ менен бирге, келешек әўладлар қандай инсанлар болып жетисиўине тиккелей тәсир көрсететуғын тәрбия ошағы” деп тосыннан айтылмаған. Өсип киятырған бала шаӊарақта көргенин ислейди. Соныӊ ушын бала тәрбиясы еӊ дәслеп ата-ананыӊ алдындағы  үлкен миннет есапланады.

Ҳәр жылдағыданда қызықлы өткен таӊлаў кәсиплик билим ҳәм табысларға, дөретиўшилик потенциалға, жоқары интеллектуаллық қәбилетке  ҳәм адамгершилик пазыйлетине ийе болған, еӊ тийкарғысы Ўатанды қорғаў жолында көкирегин қалқан етип турған мәрт инсанлардан еӊ үлгили әскерий шаӊарақты анықлаў имканиятын жаратты.

Нөкис ҳәм Үргенш  гарнизонларынан төрт әскерий хызметкердиӊ шаӊарағы “Палаў чемпионаты”, “Шаӊарақ – мениӊ бахтым”, “Биз епшил, биз шаққан”, “Музыкалы композиция”, “Мозайка жыйнаў” ҳәм  “Күш бирликте” шәртлеринде саламат бәсеки орталығында беллесип, сахна арқалы шын мәнисинде ибратлы шаӊарақлар екенлигин дәлилледи.

Әскерий хызмет машақатлы кәсип есапланып, ол инсаннан руўхый ҳәм физикалық жақтан ҳәр қандай қыйыншылықларды сабырлылық пенен жеӊиўге таяр турыўы керек болады. Әне усындай машақатларды ерлик ҳәм батырлық пенен жеӊиўде оған демеў болатуғын, руўхый күш бағышлайтуғын шаӊарақ ағзаларыныӊ, әсиресе ҳәр күни бала тәрбиясы, үй-руўзыгершилик жумысларын орынлаўдай ўазыйпаны атқарып киятырған өмирлик жолдасыныӊ орны гиреўли.

Таӊлаў “Палаў чемпионаты”нан басланып, миллий тағамымыз төрт қазанда хорезмше, әндижанша, самарқандша ҳәм наманганша усылларда таярланды. Тәбият қойнында өткерилген шәртте миллий тағамымыз өзгеше усылларда таярланды. Буннан кейинги шәртлер де қызықлы өтти.



Таӊлаўға бир-биринен жақсы таярлықлар менен келген командалардыӊ ишинен еӊ жоқары нәтийжеге ерискен шаӊарақты анықлаў аӊсат болмады. Төрешилер қурамы ағзаларыныӊ шешими менен еки перзенттиӊ ата-анасы, үшинши дәрежели сержант Дилшад Саидахмедов ҳәм Шаҳноза Болбекова шаңарағы жеңимпаз болып, қайырлы дәстүрге муўапық “15 май – Халық аралық шаӊарақ күни” мүнәсибети менен өткерилетуғын таӊлаўда Арқа-батыс әскерий округи абырайын қорғаў жуўапкершилигин қолға киргизди.

Жеӊимпаз ҳәм сыйлы орын ийелерине Ҳүрмет жарлықлары менен естелик саўғалары тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги