Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Хожели ҳәм Тақыятас районлары бөлимлери тәрепинен Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ҳәм Ишки ислер бөлимлери менен биргеликте өткерилген илажда айдаўшылық гүўалығын алып бериўди ўәде еткен пуқаралар усланды

Атап айтқанда, Департаменттиң Хожели районлық бөлими тәрепинен өткерилген илажда пуқара  Т.Ж. пуқара Ф.К.ны таныслары арқалы  айдаўшылық гүўалығын алыў ушын болып өтетуғын имтиханнан өткерип бериў ушын 6 миллион сумды алған ўақтында айғақлы дәлиллер менен усланды. Сондай-ақ  Тақыятас районы бөлими тәрепинен өткерилген илажда пуқара  М.Ш. пуқара С.Т.ны ҳәм пуқаралар М.Д.,Р.У. ҳәм пуқара М.Б.ны таныслары арқалы  айдаўшылық гүўалығын алыў ушын болып өтетуғын имтиханнан өткерип бериўдит ўәде етеди. Буның ушын  550 АҚШ долларын ҳәм 5 миллион сумды алған ўақтында  айғақлы дәлиллер менен усланды.

Бул жағдайлар бойынша ϴзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят ислери қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги