Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында «Қарақалпақ көркем өнери дөретиўшилериниң шеберликлерин  үйрениў» атамасында республикалық илимий-әмелий конференция болып өтти.

Оған мәденият ҳәм көркем өнер тараўының ўәкиллери,  профессор-оқытыўшылар, излениўшилер, магистрантлар ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Конференцияны филиал директоры, филология илимлериниң кандидаты А.Аяпов кирис сөз бенен ашты ҳәм алып барды.

Конференцияда Нөкис қәнигелестирилген мәденият мектебиниң “Миллий музыка” бөлими кафедра баслығы, Қарақалпақстан халық жыраўы Б.Сырымбетов “Жыраўшылық өнериниң раўажланыў жоллары”, Өзбекстан мәмлекетлик хореография академиясы Үргенш филиалының доценти З.Пирлепесова “Қарақалпақ ойын өнери раўажланыў жолында”,  филиалдың “Көркем өнертаныў” кафедрасының баслығы, доцент Ж.Хожанов «Аманияз Жүзимбетовтың дөретиўшилиги» темаларында баянатлары менен шығып, баҳалы мағлыўматлар берилди.

Конференцияда атап өтилгениндей, ҳәр бир миллеттиң миллий өзлигин аңлатыўшы үрп-әдет ҳәм дәстүрлери, тили, мәденияты, көркем өнери ҳәм әўладтан-әўладқа мийрас болып киятырған халық аўыз-еки дөретпелери сол халықтың бийбаҳа миллий қәдириятлары саналады. Сол сыяқлы қарақалпақ халқы да өзиниң үрп-әдет ҳәм дәстүрлери, тили, бай мәденияты ҳәм өзине тән көркем өнери менен басқа халықлардан ажыралып турады.

Соңғы жылларда халқымыздың бийтәкирар көркем өнери ҳәм мәдениятының дүньяға танылыўында Президентимиз тәрепинен бир қатар реформалар әмелге асырылып, раўажланыўдың жаңа басқышына қәдем тасланды. Бул бағдарда миллий мәдениятымыздың үлгилерин кеңнен танытыўда театр көркем өнеримиз дүнья сахналары нәзерине усынылған болса, бақсышылық көркем өнери ЮНЕСКОның Материаллық емес мәдений мийрасты сақлаў ҳүкиметлераралық комитети тәрепинен Инсанияттың материаллық емес мәдений мийрасы репрезентатив дизиминен орын алыўы дүнья жәмийетшилигиниң халқымыздың мәденият ҳәм көркем өнерине болған үлкен ҳүрмет-итибарының айқын көриниси есапланады.

Конференция шеңберинде елимизде мәденият ҳәм көркем өнер тараўына қаратылып атырған итибар, тараў хызметкерлерин қоллап-қуўатлаў, оларға мүнәсип шараятлар жаратыў бағдарындағы әмелий жумыслар, бақсышылық, жыраўшылық  илимий көзқарастан талқыланып, алдағы ўақытлары тараўды еле де раўажландырыў бағдарында пикир-усыныслар билдирилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги