Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги тәрепинен Нөкис районындағы ғәлле майданларына енгизилип атырған суўды үнемлеўши технологиялар бойынша медиатур шөлкемлестирилди.

Орайлық ҳәм жергиликли ғалаба хабар қуралларының ўәкиллеринен ибарат топар суў хожалығы министрлигиниң жуўапкерлери менен биргеликте Нөкис районындағы Дән ҳәм салы илимий-өндирислик бирлеспесиниң ғәлле майданына енгизилген жаўынлатып суўғарыў технологияларын барып көрди.

Илаж даўамында қәнигелер тәрепинен журналистлерге суўды үнемлеўши технологиялардың абзаллықлары, суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, оның өнимдарлықты арттырыўдағы абзаллықлары ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилди.

Илажда атап өтилгениней, жыл сайын дәрьялардағы суў муғдарының азайып барыўы шараятында аўыл хожалығында суўды үнемлеўши технологияларды кеңнен енгизиўдиң әҳмийети артып бармақта.

Қарақалпақстан Республикасында 2024-жылда 47 мың 150 гектар майданда суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў режелестирилген. Атап айтқанда, 4150 гектар майданда тамшылатып, 1900 гектар майданда жаўынлатып, 700 гектар майданда дискрет усылында суўғарыў, 8400 гектар майданда майысқақ трубалар жәрдеминде суўғарыў, 1500 гектар майданда қарықларға плёнка төсеп суўғарыў жумысларын алып барыў ўазыйпалары белгиленген. Соның менен бирге, 30 мың 500 гектар майданда жерлерди лазерли тегислеў жумыслары режелестирилген.

Бүгинги күнде suvkredit.uz программасына ҳүжжетлерди киргизиў бойынша арзалар таярланып, соннан 4780 гектар ушын 328 фермер хожалығының арзалары платформаға қабылланған.

Ирригация инженерлери тәрепинен 189 фермердиң 3462 гектарлық жери үйренип шығылып, унамлы жуўмақ берилди. Барлық районларда арзаларды көрип шығыў, қарыздарлықларын сөндириў ҳәм платформаға киргизиў бойынша илажлары көрилмекте.

Ҳәзирги күнге шекем suvkredit.uz  программасы арқалы 118 талабанңың 1991 гектар майданы ушын 22 млрд. 782 млн. сумлық кредит ажыратылды ҳәм 2 талабанның 25 гектар майданы ушын 445 млн. сум өз қаржылары есабынан әмелге асырылды. Усы күнге шекем 56 фермер хожалығының 933 гектар майданында қурылыс жумыслары басланып, 24 фермер хожалығының 309 гектар майданында қурылыс жумыслары жуўмақланды.

Қарақалпақстан шараятында суўдан нәтийжели пайдаланыўда ең нәтийжели усыллардан бири бул – атызларды лазерли үскене жәрдеминде тегислеў есапланады. Буған байланыслы да көлемли жумыслар әмелге асырылып, ҳәзирги күнге шекем 18 мың 507 гектар пахта егилетуғын майдан лазерли тегислегишлер жәрдеминде тегисленген.

Ал, Нөкис районында усы мәўсимде жәми 100 гектар ғәлле майданларына жаўынлатып суўғарыў технологиясы енгизилмекте.

– Бул жердеги Израиль мәмлекетинен алып келип қурылған жаўынлатып ҳәм тамшылатып суўғарыў технологиясы дослық аўқамы мәмлекетлеринде де, Өзбекстанның басқа жерлеринде де жоқ,-дейди Дән ҳәм салы илимий-өндирислик бирлеспесиниң директоры Д.Утамбетов. – Бул технологияның абзаллығы  оны адам басқармайды, толық автоматластырылған. Спутник арқалы Израильде турып басқарылып турылады. Қанша суў, қанша төгин бериў кереклиги толық өзи тәрепинен анализленип, керекли муғдарда берилип барылады.

Бул технологияның абзаллығын бизлер былтыр картошка еккенде көрдик. 29-июль күни картошка еккен болсақ, 1-августтан баслап суў берип басладық, тамшылатып суўғарыў арқалы картошкаға тәбийғый усылда берилетуғын суўдан еки есе аз суў жумсалды. Нәтийжеси де жақсы болды. Картошка атызларының ҳәр бир гектарынан 240 центнерден өним алдық…

Журналистлер райондағы 40 гектарлық ғәлле майданына жаўынлатып суўғарыў технологиясын енгизген “Нөкис агро” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң усы бағдардағы жумыслары менен танысты.

– Бизлерде быйыл 60 гектарлық ғәлле бар, соның 40 гектарына жаўынлатып суўғарыў технологиясын енгиздик,-дейди жәмийет баслығы Р.Жаңабергенов. – Бийдай өзи жаўыннан суў ишсе өнимдарлығы жоқары болады. Төгин үнемленеди. Өзиңиз көрип турғаныңыздай, жаўынлатып суўғарыў арқалы бийдай туқымлары толық өнип жетилисти. Керекли төгинлери де суў арқалы берилгеннен кейин өнип шыққан бийдайларымыздың жағдайы да жақсы. Алдынлары бийдайдан гектарына 30-40 центнерден асламырақ өним алған болсақ, бул атызлардың ҳәр бир гектарынан 70-80 центнерге шекем өним алыўды режелестирип отырмыз.

Және бир айтатуғын нәрсе, алдын ҳәр бир гектар бийдай ушын төгинге 20 миллион сум шамасында қаржы жумсалған болса, жаўынлатып суўғарыўда 5 миллион сум әтирапында қаржы жумсалып атыр. Яғный, 15 миллион сум шамасында қаржы үнемленбекте.

Медиатур қатнасыўшылары “Қаттағар-Бозатаў” ирригация системасы басқармасы жәмәәти тәрепинен “Жасыл мәкан” жойбары шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслар менен де жақыннан танысты. Илажда қатнасқан журналистлер де “Суўшылар бағы”на жақсы нийетлер менен ҳәр қыйлы саяманлы ҳәм мийўели терек нәллерин екти.

Медиатур даўамында ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги