Миллий кийим-кеншеклер жарасықлы кийим есапланыўы менен бирге жасларды үрп-әдет, дәстүрлерди қәдирлеп, оларды келешек әўладқа жеткериўге үйретеди.

Өзбекстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар  комитетиниң  басламасы менен елимиз бойлап алып барылған «Хан атлас» фестивалы Тақыятас ыссылық электр станциясы акционерлик жәмийетинде де болып өтти. Фестивалда миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет туйғысын раўажландырыў, миллийликти қәдирлеў, өзбек ҳаял-қызларының кийиниў мәдениятын кең ен жайдырыў мақсетинде кәрханада ислеўши ҳаял-қызлар қатнасты.

Олар миллий хан атластан тигилген кийим-кеншеклерде  бәҳәр мәўсимине сай  гөззал көринисте фестивалдың көркине  көрик қосып турды.


Қарақалпақстан хабар агентлиги