Өзбекстан Республикасы инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов Кувейттиӊ “Marafie Group” компаниясы бас менеджери Aбдулҳаким Марафи менен сөйлесиўлер өткерди.

Мағлыўмат орнында айтыў керек, 1919-жылы шөлкемлестирилген “Marafie Group” «Forbes» журналыныӊ “Топ 100 араб шаӊарақлық бизнеси” дизимине киргизилген. Ол тийкарынан, саўда, қурылыс, өндирис ҳәм дизайн тараўларында жумыс алып барады ҳәм 300 ден аслам брендлерге ийе. Хызметкерлериниӊ саны болса 1500 ден артады.

Сәўбетлесиў даўамында Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформаларды жоқары баҳалаған Кувейт тәрепи аўыл хожалығы тараўында усыныс етилген ири жойбар басламаларын әмелге асырыўда қатнасыўға таяр екенин билдирди.

Сондай-ақ, Aбдулҳаким Марафи қурылыс, банк, туризм, хызмет көрсетиў тараўларында үлкен потенциал бар екенин атап өтти. Ол компания жаӊа инвестицияжойбарларын биргеликте ислеп шығыў ҳәм бирге ислесиўди және де раўажландырыўдан мәпдар екенин атап өтти.

ӨзА