Президентимиз Ш.Мирзиёев өткен 2023-жылы 30-мартта сапар менен республикамызда болған ўақтында мәҳәллелерди абат етиў, суў, жол, электр энергиясы тәмийнатын жақсылаў, мектеп, балалар бақшасы  ҳәм медициналық пунктлерди қурыў ҳәм қайта оңлаў ушын ҳәр бир мәҳәллеге 500 млн сумнан қосымша ақша ажыратыўға тапсырма берген еди.

Президентимиздиң тапсырмасы бойынша бүгинги күнде республикамыздағы мәҳәллелерде бул бағдарда кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

Тақыятас  районындағы мәҳәллелерде де ажыратылған 500 млн қаржы есабынан бул бағдардағы илажлар даўам еттирилип, ҳәзирги ўақытлары райондағы «Шамшырақ» мәҳәллесиндеги көшелерге ишимлик суўы тармақлары тартылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги