Тәжикстан сыртқы ислер министри Сирожиддин Муҳриддин мырза менен оғада нәтийжели ҳәм шын кеўилден ушырасыў өткердик.
Жоқары дәрежеде болып өткен сапар алдынан таярлық мәселелерин көрип шықтық.
Өзбекстан ҳәм Тәжикстан сыртқы ислер министрликлери еки мәмлекет арасындағы жақсы қоӊсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де беккемлеўге барлық имканиятларды қаратып атырғанын айрықша атап өттик.
Бирге ислесиўимизди барған сайын раўажландырыў, саўда байланысларын беккемлеў, барлық бағдарлар бойынша турақлы алмасыўларды тәмийинлеў әҳмийетли ўазыйпаларымыздан бири болып табылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги