Энергетика ҳәм инфраструктура министри Суҳайл Муҳаммад Ал-Мазруий мырза менен ушырасқанымыздан миннетдармыз. Өзбекстан экологиялық таза, энергия үнемлейтуғын ҳәм алдынғы инфраструктура шешимлерин жаратыўы ушын еӊ соӊғы халықаралық билим ҳәм тәжирийбени тартыўға умтылады. Биз БАӘдағы бирге ислесиўимизге раўажланыў мақсетлеримизге ерисиўде көрсетилип атырған жәрдем ушын миннетдаршылық билдиремиз. Ушырасыўымыз даўамында еки ҳәм көп тәреплеме күн тәртибиндеги бир қатар әҳмийетли мәселелерди де додаладық.

Қарақалпақстан хабар агентлиги