2024-жыл 1-октябрьден баслап физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге тийисли автотранспорт қураллары тәрепинен жол ҳәрекети қағыйдаларыныӊ бузылыўына байланыслы жағдайлар туўралы жиберилген қарар ҳәм хабарнамалар бойынша ИИМ ЖҚД ЖҲҚХға Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы электрон мүрәжат етиў имканияты жаратылады.

Бул бағдарда Ҳүкиметтиӊ тийисли қарарыныӊ жойбары ислеп шығылған.

Бул хызмет жол ҳәрекети қағыйдабузыўшылықлары бойынша ИИМ ЖҚД ЖҲҚХныӊ Бирден-бир автоматластырылған мәлимлеме системасын «Электрон ҳүкимет» системасыныӊ уйымлараралық интегралласқан платформасына интеграциялаған ҳалда Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы әмелге асырылады.

Онда ИИМ ЖҚД ЖҲҚХға жол ҳәрекети қағыйдаларыныӊ бузылыўы менен байланыслы жағдайлар туўралы жиберилген қарар ҳәм хабарнамалар бойынша физикалық ҳәм юридикалық тәреплер дәстүрий тәризде (аўыз-еки яки жазба) мүрәжат етиўи мүмкин екени де белгилеп қойылмақта, деп мәлимлеме береди хабар.уз

Қарақалпақстан хабар агентлиги