Быйылғы жылдыӊ усы ўақтына шекем «Өзэнергоинспекция» тәрепинен тутыныўшыларды энергия ресурсларынан пайдаланыў қағыйдаларын бузыў менен байланыслы ҳуқықбузыўшылық бойынша 1 мыӊ 858 ҳәкимшилик ис рәсмийлестирилди. Бул жағдайлардыӊ 247 си электр ҳәм ыссылық энергиясын пайдасыз жумсаў бойынша анықланған қағыйдабузыўшылық есапланады.

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиӊ 100-статьясына муўапық, электр ҳәм ыссылық энергиясын пайдасыз сарплаў, яғный, электр двигательлерден, электр печлери ҳәм басқа электр менен ыссылық үскенелеринен турақлы түрде, ислеп шығарыў зәрүрлиги болмаған ҳалда толық пайдаланбаў яки оларды бийкарға пайдаланып қойыў (күнниӊ жақты ўақтында шырақларды жағып қойыў), жақтыландырыў ушын электр энергиясынан өзбасымшалық пенен пайдаланыў жағдайлары ушын жуўапкершилик бар.

Усы сыяқлы қағыйдабузыўшылықлар ушын жуўапкер шахсларға базалық есаплаў муғдарыныӊ 5 есесинен 15 есесине шекем муғдарда жәрийма салыўға себеп болатуғынлығын атап өтиў керек,.

Усындай ҳуқықбузыўшылық ҳәкимшилик жаза шарасы қолланылғаннан кейин бир жыл даўамында қайтадан әмелге асырылған болса, жуўапкер шахсларға БЕМниӊ 15 есесинен 30 есесине шекемги муғдарда жәрийма салыныўы белгиленген, дейди «Өзэнергоинспекция» мәлимлеме хызмети хабарында.

ӨзА