Орайлық банктиӊ мағлыўматына бола, 13-апрель күни алтын қуймалары ҳәм естелик теӊгелердиӊ баҳалары  жаӊа тарийхый максимумға көтерилди, деп мәлимлеме береди хабар.уз

Ҳәзир бир грамм алтынныӊ баҳасы 998 280 сумды қурамақта, бул даўамлы байрам дем алыс күнлеринен алдынғыға салыстырғанда 1,7 процент жоқары. 5 граммлық алтын қуймасы 4 991 000 сумға сатылмақта.

Алдынғы рекорд дүйшемби күни орнаталып, 5 граммлық алтын қуймасыныӊ баҳасы биринши мәрте 4,9 сумнан артқан. Усы жылдыӊ басынан берли Өзбекстанда алтын баҳасы 17,7 процентке қымбатласқан.

Қарақалпақстан хабар агентлиги