Орайлық Азия халықаралық институтында Японияныӊ Өзбекстандағы дипломатиялық миссиясы басшысы Такаши Хатори менен ушырасыў болып өтти. Сәўбет даўамында шерикликтиӊ  бүгинги жағдайы ҳәм перспективасы додаланды.

Япония Президент Шавкат Мирзиёевтиӊ басшылығында мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалар бағдарламасын избе-из қоллап-қуўатламақта, инфраструктура ҳәм инсан потенциалын раўажландырыўда белене қатнаспақта. Өз-ара бирге ислесиў улыўмалық регионаллық үстинликке ерисиў ушын гилт ўазыйпасын атқармақта.

Ушырасыўда Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларыныӊ турақлы түрде өткерилип атырған Мәсләҳәт ушырасыўлары өз-ара исеним ҳәм жақсы қоӊсышылық, стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеў, регионаллық ҳәм халықаралық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелерди додалаўда үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

Усы мүнәсибет пенен мийман “Орайлық Азия+” форматы, атап айтқанда,  “Орайлық Азия+Япония” механизми шеӊберинде алып барылып атырған биргеликтеги ис-ҳәрекеттиӊ нәтийжелилигине итибар қаратты.

Япония таллаў орайлары менен биргеликтеги илаж, конференциялар өткериў бойынша унамлы тәжирийбе алмасыўда тәреплердиӊ белсендилиги әҳмийетли екени атап өтилди.

Усы көзқарастан Япония тәрепи МОХИ ҳәм глобал қәўипсизлик, турақлылық бойынша таллаў орайы – Япония халықаралық қатнасықлар институты арасында бирге ислесиў орнатыўға таяр екенин билдирди. Бул процессте әмелий бирге ислесиў избе-из қоллап-қуўатланады, илимий-изертеў потенциалынан улыўмалық пайдаланылады, түрли биргеликтеги илажлар шөлкемлестириледи.

Ғ.Хонназаров, ӨзА