Бүгинги күни  мәмлекетимизде жоқары билимлендириў тараўының ҳәр тәреплеме раўажланыўына үлес қосатуғын билимлендириў мәкемелерине заманагөй дүньяқарасқа, билим ҳәм көнликпелерге ийе болған қәнигели педагог кадрларды таярлап шығарыўда Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының профессор-оқытыӯшылары жемисли мийнет етпекте.

Олардың арасында илимпаз ҳаял-қызлардың көпшиликти қураӯы кеӯиллерге көтериңки кейпият бағышлайды. Атап айтқанда, ҳәзирги әйне ўақытта институтта улыўма 600 ге шамалас профессор-оқытыўшы мийнет етип атырған болса, соннан 300 ден асламы ҳаял-қызлардан ибарат. Сондай-ақ, 530 дан аслам қәниге хызметкерлердиң де тең ярымы ҳаял-қызлар болып есапланады. Бул демек жәмәәтте ерискен жетискенликлер ҳәм табысларда олардың орны гиреӯли екенлигин аңлатады.

Сондай-ақ, ҳәзирги ӯақытта институтта 17 мыңға шамалас студент-жаслар билим алып атырған болса, соннан 12 мыңнан асламы ҳаял-қызлардан ибарат болып есапланады.

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 8-март – халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен байрам кешеси шөлкемлестирилди.

Илажда институт ректоры ўазыйпасын ўақытша атқарыўшысы Қувондиқ Қодиров сөзге шығып, елимизде ҳаял-қызлардың шаңарақтағы, жәмийеттеги ҳәм мәмлекетлик басқарыўдағы орнын беккемлеў, олардың оқыўы, жумыс ислеўи илимий-изертлеў ҳәм исбилерменлик пенен шуғыланыўы ушын жаратылып атырған имканиятлар ҳаққында айтып өтти ҳәм барлық ҳаял-қызларды байрам менен қутлықлады.

– Март айы жаңаланыў ҳәм жасарыў мәўсими болған бәҳәр хабаршысы болып қалмастан, өмиримизге мазмун бағышлайтуғын әзиз ҳәм қәдирли ҳаял-қызларымыздың байрамы менен басланыўы үлкен әҳмийетке ийе. Сонлықтан, биз март айын институтымызда ҳаял-қызларға болған итибар ҳәм ғамқорлықлар айы сыпатында белгилеп атырмыз, – деди Қ.Қодиров өз сөзинде.

Байрам кешесинде тараўда көп жыллардан берли пидайылық пенен нәтийжели мийнет етип атырған профессор-оқытыўшылар, қәниге ҳаял-қызлар, соның менен бирге, оқыўда ҳәм жәмийетлик жумысларда белсендилик көрсетип киятырған студент-қызлар институт ректораты және кәсиплик аўқамы комитети тәрепинен Ҳүрмет жарлықлары, байрам саўғалары менен сыйлықланды.





Илаж институттың талантлы студентлери ҳәм «Тумарис» халық ансамбли ағзаларының атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Байрам кешесинен соң институт ҳаял-қызлары ушын пайтахтымыздағы пайызлы орынлардың биринде байрам дастурханы жайылды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы