Мойнақ районы ҳәкимлиги тәрепинен районлардағы пайызлы орынлардың биринде районның кең жәмийетшилик ўәкиллери, тараўларда ҳәм оқыўларда белсендилик көрсеткен ҳаял-қызларға дастурхан жайылып, «8-март  – Халықаралық ҳаял-қызлар күни» мүнәсибети менен байрам кешеси шөлкемлестирилди.

Онда район ҳәкими Б.Менглибеков ҳаял-қызлардың мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўда, илим, билимлендириў, мәденият, спорт, исбилерменлик, өнерментшилик, мәмлекетлик сиясат, қулласы, барлық тараўларда мүнәсип орын ийелеп, үлкен жетискенликлерге ерисип атырғанын айырықша мақтаныш етти ҳәм байрам мүнәсибети жыйналғанларды қызғын қутлықлады.

Соң тараўларда  жетискенликке ерисип атырған жасы үлкен нураный апалар, илим, билимлендириў тараўында жоқары нәтийже көрсеткен оқыўшы-қызлар ҳәм муғаллимлерге, кәсип пидайыларына район ҳәкимлигиниң миннетдаршылық хатлары тапсырылды.

Президентимиз исбилерменлерге қандай жеңиллик ҳәм имканиятты жаратқан болса, бәри Мойнақта.

–  Мине усындай мүмкиншиликтен утымлы пайдаланған ҳалда Мойнақ районы орайына 50 километр узақлықта жайласқан Мәдели АПЖ Порлытаў аўылына мәмлекетлик емес балалар бақшасын шөлкемлестирдим. Порлытаў елаты балаларының кишкене бир бөлмеде тәрбияланып атырғанын көрип, 100 орынлық бақша қурдық. Балаларым мектепке барып атыр, таңлаўларда жақсы жетискенликлерге ериспекте. Тәрбияшыларым да жақсы. Ата-аналардың рахметин еситип атырмыз,-дейди У.Артыкова.

Мениң азғана хызметим район ҳәкимлиги тәрепинен жоқары баҳаланып, ҳаял-қызлар  байрамы салтанында  миннетдаршылық билдирилди. Жасым жетпис беске қарады, сонда да көп жыллық ис-тәжирийбемди еле де халық ушын жумсаўға таярман.

Илаж Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен устаз көркем өнер шеберлери, қарақалпақ эстрада жулдызлары, Мойнақ районы Мәденият бөлими хызметкерлери ҳәм 2-санлы Балалар музыка көркем өнер мектеби оқыўшыларының атқарыўындағы сахналық көринислер ҳәм концерт бағдарламасы менен даўам етти.








Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги