Елимизде 8-март халықаралық ҳаял-қызлар байрамы кең түрде белгиленбекте. Байрам қарсаңында ҳүрметли Президентимиздиң пәрманы менен халық хожалығының түрли тараўларында мийнет етип атырған бир неше ҳаял-қызлар ҳүрметли атақлар, орден ҳәм медальлар  менен хошаметленип, республикамыздан еки қызымыз Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлыққа ийе болды.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети тәрепинен пайтахтымыздағы пайызлы орынлардың биринде  байрамға арналған илаж болып өтти. Онда университет ректоры А.Реймов сөзге шығып, Президентимиз тәрепинен елимизде ҳаял-қызларға ғамқорлық көрсетиў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, жәмийетлик–сиясий, социаллық-экономикалық  турмыстағы белсендилигин арттырыўға айрықша итибар қаратылып атырғанлығын атап өтти. Сондай-ақ, оқыў орнындағы ҳаял-қызлардың қолға киргизген табыслары туўралы сөз етип,  олардың жасларға билим бериўдеги машақатлы жумысларында табыслар тиледи.

-Байрам быйыл университетимиз ушын үлкен кейпият пенен белгиленбекте. Кеше ғана ҳүрметли Президентимиздиң қарары менен оқыў орнымыздың шет-тиллери факультети филология бағдары 4-курс студенти Нурсулыў Коканова Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың ийеси болды,-дейди университет ректорының ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси И.Сейтназарова.

Илажда байрам дастурханы жайылып, ҳаял-қызларға саўғалар тапсырылды ҳәм концерт бағдарламасы қойып берилди.






Қарақалпақстан хабар агентлиги